Ушырасыўда “BioPharma
City и Klaster LifeScience Kraków”
арасында кластерлераралық бирге ислесиўди раўажландырыў, биотехнологиялар ҳәм
турмыс ҳаққындағы илимлер тараўында тәжирийбе алмасыў, еки мәмлекеттиң илимий
потенциалынан нәтийжели пайдаланыў мәселелери додаланды.
Тәреплер илимий-изертлеў ҳәм тәжирийбе-конструкторлық (R&D) жойбарларын
биргеликте әмелге асырыў, сондай-ақ, илимпазлар ҳәм қәнигелер арасында билим
ҳәм технологиялар алмасыўын кеңейтиўге айрықша итибар қаратты.
Ушырасыў жуўмағында фармацевтика ҳәм биотехнологиялық экосистемалар
арасындағы бирге ислесиўдиң перспективалы бағдарлары, соның ишинде, Европа ҳәм
Орайлық Азия базарлары арасындағы байланысларды беккемлеў ҳәм қоспа жойбарларды
әмелге асырыў белгилеп алынды.