Ушырасыўда Өзбекстанда медицина ҳәм фармацевтика тараўларында әмелге
асырылып атырған реформалар, тийкарғы бағдарлар, сондай-ақ, АҚШ пенен әмелий
бирге ислесиўди және де кеңейтиў имканиятлары додаланды.
Атап айтқанда, инвестициялар, технологиялар трансфери, фармацевтика
өнимлерин ислеп шығарыў, биотехнологиялар ҳәм илимий-изертлеў жумысы
бағдарларындағы бирге ислесиўди раўажландырыўға айрықша итибар қаратылды.
Ушырасыў
даўамында “BioPharma City” фармацевтика кластериниң экосистемасы,
илимий-изертлеў ҳәм өндирис инфраструктурасы, сырт ел компаниялары ҳәм
илимий-билимлендириў мәкемелери менен бирге ислесиўди кеңейтиў имканиятлары
таныстырылды.
Тәреплер АҚШ
компаниялары, университетлери ҳәм қәнигелескен шөлкемлер менен биргеликтеги
инвестициялық ҳәм илимий-изертлеў жойбарларын әмелге асырыў, заманагөй
технологияларды тартыў ҳәм қәнигелер арасында тәжирийбе алмасыўды
раўажландырыўдан мәпдар екенин билдирди.
Ушырасыў
шеңберинде АҚШ елшиханасы ўәкиллери, сондай-ақ, “Pharmaceutical Technical
University” (PTU) жумысы менен де танысты. Оларға университеттиң билимлендириў
ҳәм илимий инфраструктурасы, кластер шеңберинде фармацевтика, биотехнология ҳәм
медициналық изертлеўлер тараўларында халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыў
имканиятлары ҳаққында мағлыўмат берилди.