Ҳәзирги күнде республикамызда дәри қураллары ҳәм медициналық буйымларды усақлап сатыўшы 13 мың 828 шөлкем жумыс алып бармақта. Соннан 7 998 и тийкарғы дәрихана, 5 830 ы филиал есапланады. Буннан тысқары, дәри қуралларын таярлайтуғын 106 шөлкем, дәри қуралларын ислеп шығарыўшы 61 ҳәм көтере сататуғын 456 кәрхана бар. Булар әпиўайы санлар емес. Тармақта пүткил бир система жаратылғанынан дәрек береди. Бундай системада нызамшылық талапларына қатаң әмел етилиўи, дәри-дәрмақлардың сапасы, қәўипсизлиги ҳәм айланысы үстинен нәтийжели мәмлекетлик қадағалаўды тәмийинлеў айрықша әҳмийетке ийе. Себеби, фармацевтика бағдарындағы ҳәр қандай қағыйдабузарлық адамлардың саламатлығына тиккелей тәсир көрсетиўи мүмкин.
Сонлықтан, Фармацевтика өнимлери қәўипсизлиги орайы тәрепинен тараўда мәмлекетлик қадағалаў заманагөй көзқараслар тийкарында әмелге асырылмақта. Қадағалаў илажларының тийкарғы мақсети исбилерменлик субъектлерин жазалаў емес, ал нызам үстинлигин тәмийинлеў, ҳадал ислеп атырған исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў, сапасыз ҳәм қәўипсизлиги кепилленбеген дәри қуралларының айланысқа кирип келиўиниң алдын алыў ҳәм халықтың мәплерин қорғаўдан ибарат.
- Усы жылдың биринши ярымында республикамыз бойлап 634 қадағалаў илажы әмелге асырылды, - дейди орай басқарма баслығы Дониёрбек Мансурбеков. - Олардың 125 и жоқары қәўип дәрежесине ийе деп табылған субъектлерде өткерилди. Бул қатнас қадағалаў илажларын тосыннан емес, ал қәўип факторлары жоқары болған бағдарларға қаратыў имканиятын бермекте. Бул болса бир тәрептен ҳадал жумыс алып барып атырған исбилерменлерди артықша тексериўлерден сақласа, екинши тәрептен нызам бузылыўы итималы жоқары болған субъектлер үстинен нәтийжели қадағалаўды тәмийинлейди.
Қадағалаў илажлары даўамында анықланған қағыйдабузарлықлар нызамшылықта белгиленген тәртипте ҳуқықый баҳаланды. Атап айтқанда, суд қарарлары тийкарында 33 дәрихананың лицензиясы бийкар етилди. Итибарлысы, бул жағдайлардың 6 ы дәри-дәрмақлардың мәмлекет тәрепинен белгиленген баҳаларына әмел етилмегенлиги менен байланыслы. Буннан тысқары, 64 дәрихана бойынша лицензияны бийкарлаў бойынша экономикалық судларға даўа арзалары киргизилген болып, бул ислер ҳәзирги ўақытта көрип шығылмақта.
Сондай-ақ, қадағалаў нәтийжелерине бола 256 дәриханаға ҳәкимшилик жуўапкершилик, 33 исбилерменлик субъектине финанслық тәсир илажлары қолланылды. Ҳәзир және 68 кәрхананың жумысына байланыслы топланған ҳүжжетлер нызамшылыққа муўапық тийисли илажларды көриў ушын судқа усынылған.
Бақлаў нәтийжелери тараўда тек ғана кемшиликлер бар екенлигин аңлатпайды. Үйрениўлер жуўмағында 30 исбилерменлик субъектинде нызамшылық талаплары толық орынланғаны анықланып, оларға ҳеш қандай ҳуқықый тәсир илажы қолланылмаған. Бул болса ҳадал исбилерменлердиң саны да артып баратырғанын көрсетеди.
Исбилерменлерге әмелдеги нызамшылық талаплары бойынша турақлы түсиниклер берилиўи, методикалық жәрдем көрсетилиўи ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыўға қаратылған жумыслар қадағалаўдың ажыралмас бөлеги болып есапланады. Нызамбузыўшылық жүз бергеннен кейин анықлаўдан гөре, оның алдын алыў әдеўир нәтийжели есапланады.
Фармацевтика базары жедел раўажланып атырған бир ўақытта қадағалаўдың заманагөй, ашық-айдын механизмлерин қолланыў айрықша әҳмийетке ийе болмақта. Бул система бир тәрептен ҳадал исбилерменликти қоллап-қуўатласа, екинши тәрептен нызам талапларын менсинбей жумыс алып барып атырған субъектлерге сөзсиз ҳуқықый илажлар көрилиўин тәмийинлейди.
Реклама шыпакер мәсләҳәти орнын баса алмайды
Нызам талапларына қатаң әмел етиў, исеним, сапа ҳәм адамгершилик принципи тийкарғы болған тараўда инсан өмири ҳәм денсаўлығын исенимли қорғаў бас нормаға айланыўы сөзсиз. Тараўда нызам үстинлигин тәмийинлеў менен бирге халықтың дәри қуралларын дурыс таңлаў ҳәм қолланыў, исенимли медициналық мәлимлемени ажыратып алыў көнликпелерине ийе болыўы бүгин ҳәр қашанғыдан да әҳмийетли.
Соңғы ўақытлары социаллық тармақлар, интернет сайтлары ҳәм айырым ғалаба хабар қуралларында рецептсиз берилетуғын дәри қуралларының рекламасы барған сайын көбеймекте. Реклама тутыныўшыға өним ҳаққында дурыс мағлыўмат бериўи талап етиледи. Бунда пуқараны алжастырып надурыс қарар қабыл етиўине себеп болмаўы керек. Дәри-дәрмақлар рекламасына қойылған нызамшылық талаплары қандай? Қандай сөзлерден пайдаланыў мүмкин емес? Не ушын дәри-дәрмақларды шегирме ҳәм саўғалар менен реклама етиў шекленген?
- Реклама ҳеш қашан шыпакер мәсләҳәтиниң орнын баса алмайды, - дейди орай бөлиминиң баслығы Сабоҳат Ҳайитова. - Оның тийкарғы ўазыйпасы тутыныўшыға өним ҳаққында исенимли ҳәм қалыс мағлыўмат бериў болып есапланады. Бирақ ол пуқараны алжастырыўы ямаса надурыс қарар қабыл етиўине себеп болыўы мүмкин емес. Сонлықтан, дәри қуралларының рекламасына байланыслы нызамшылықта айрықша талаплар ҳәм шеклеўлер белгиленген.
Рекламаларда "ең нәтийжели", "ең қәўипсиз" "100 процент нәтийже береди", "ҳеш қандай кери реакциясы жоқ" сыяқлы сөзлер ушырасады. Бундай сөзлер тутыныўшыда дәри қуралы пүткиллей қәўипсиз ҳәм ҳәр қандай жағдайда да пайда береди, деген надурыс түсиник пайда етиўи тәбийғый. Негизинде болса ҳәр қандай дәри-дәрмақ организмге белгили дәрежеде тәсир көрсетеди. Ҳәттеки рецептсиз сатылатуғын дәри қураллары да айырым жағдайларда кери реакцияларды келтирип шығарыўы, басқа дәри қураллары менен өз ара тәсирге кирисиўи ямаса айырым наўқасларға усыныс етилмеўи мүмкин. Сол себепли нызамшылықта дәри қуралын уникал, ең нәтийжели ямаса қолайсыз реакцияларының жоқ екенлиги жағынан ең қәўипсиз деп реклама етиў қадаған етилген.
Гейде рекламаларда дәри-дәрмақ "тәбийий өним", "әпиўайы биологиялық актив қосымша" ямаса "косметикалық қурал" сыпатында талқыланады. Бул да тутыныўшыны алжастырыўы мүмкин болған усыллардан бири. Себеби дәри қуралы, биологиялық актив қосымша ҳәм косметикалық өнимлер ҳәр қыйлы ҳуқықый статусқа ийе. Оларды ислеп шығарыў, мәмлекетлик дизимнен өткериў, сапасын қадағалаў ҳәм қолланыў тәртиби бир-биринен парықланады. Сол себепли рекламада бул өним түрлерин бир-бирине теңлестириў ямаса надурыс талқылаўға жол қойылмайды.
Рекламаларда басқа дәри-дәрмақлар менен салыстырыў ямаса емлениў нәтийжесин кепиллеў мүмкин емес. Нызамшылық рекламада басқа дәри қуралларын тийкарсыз түрде жаманлаў ямаса өз өнимин олар менен надурыс салыстырыўды қадаған етеди. Сондай-ақ, "бул дәри сизди, әлбетте, емлейди", "нәтийже кепилленеди", "100 процент пайда береди" сыяқлы сөзлерден пайдаланыўға да жол қойылмайды. Себеби бирдей кеселликке шатылған еки наўқастың емлениў нәтийжеси де организмниң индивидуал өзгешеликлерине қарап ҳәр қыйлы болыўы мүмкин.
Айырым рекламаларда дәри-дәрмақты қабыл етпеў инсан саламатлығының жаманласыўына алып келиўи мүмкин, деген көринис пайда етеди. Бул болса пуқараларда тийкарсыз қорқыў пайда етеди. Оларды шыпакер усынысысыз дәри сатып алыўға ийтермелеўи мүмкин. Сол себепли бундай мазмундағы рекламаларға да нызам жол қоймайды.
Рецептсиз берилетуғын дәри қуралларының рекламаларында қандай мәжбүрий ескертиў болыўы керек, деген ҳақылы сораў туўылыўы мүмкин. Бул да жүдә әҳмийетли талап есапланады. Ҳәр бир рекламада дәри қуралын қолланыўға қарсы көрсетпелер бар екенлиги, қолланыўдан алдын инструкция менен танысыў ямаса қәниге мәсләҳәтин алыў зәрүр екенлиги ҳаққында анық ескертиў болыўы шәрт. Бул ескертиў тутыныўшыға дәри қуралынан ақылға уғрас пайдаланыў зәрүрлигин еслетеди.
Сондай-ақ, нызамшылық дәри-дәрмақлар саўдасын хошаметлеў мақсетинде ҳәр қыйлы маркетинг акцияларын өткериўге де шеклеў орнатқан. Дәри қуралы әпиўайы тутыныў товары емес. Сол себепли оны "екеўин алсаңыз биреўи бийпул", "сыйлық утың", "бонус алың" сыяқлы маркетинг усыллары арқалы үгит-нәсиятлаў денсаўлықты сақлаў принциплерине қайшы есапланады.
Қәнигениң атап өтиўинше, медицина ҳәм фармацевтика хызметкерлери ушын мөлшерленген рекламаларға бир қатар қосымша талаплар қойылады. Соның ишинде, бундай рекламаларда актив заттың аты, дозасы, қолайсыз реакциялары, қолланыўға қарсы көрсетпелери, басқа да дәри қураллары менен өз-ара тәсири, илимий дәреклерге силтемелер ҳәм реклама тек ғана медицина ҳәм фармацевтика хызметкерлери ушын мөлшерленгени ҳаққындағы мағлыўматлар толық келтирилиўи керек. Бул қәнигелердиң дәри-дәрмақ ҳаққында толық ҳәм исенимли мағлыўмат алыўын тәмийинлейди.
Дәри-дәрмақ қуралын таңлаўда рекламаға емес, қәниге усынысына, дәри-дәрмақтың рәсмий инструкциясына ҳәм исенимли медициналық мағлыўматларға сүйениў керек. Денсаўлық ең қымбат байлық. Оны сақлаўдың ең дурыс жолы болса реклама ўәделерине емес, илимий тийкарланған медицина ҳәм нызамлы тәртипте айланысқа шығарылған дәри қуралларына исениў болып есапланады.
Рисолат МАДИЕВА,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы