Саўда-экономикалық, инвестициялық, санаат, еэнергетика, транспорт-логистика ҳәм мәдений-гуманитарлық бирге ислесиў мәселелери дыққат орайында болды, деп хабар бермекте Россия Федерациясы ҳүкиметиниң баспасөз хызмети.

Өз-ара товар алмасыў көлемин 2030-жылға шекем 30 миллиард долларға жеткериў бойынша стратегиялық мақсет тастыйықланды. 2025-жылдың жуўмақларына бола, еки тәреплеме саўда көлеми 13 миллиард доллардан асты, 2026-жылдың биринши айларында болса өсиў пәти сақланбақта.

Энергетика тараўындағы бирге ислесиўге айрықша итибар қаратылды. Ҳәзирги ўақытта бетонлаў жумыслары басланған Жиззақ ўәлаятында интеграцияласқан атом электр станциясын қурыў жойбарын әмелге асырыў табыслы басланғаны атап өтилди. Сондай-ақ, тәреплер Россия нефтин ҳәм тәбийғый газин жеткерип бериўди даўам еттириў, жанылғы-енергетика тараўындағы биргеликтеги жойбарларды кеңейтиўге келисип алды.

Санаат кооперациясы жедел раўажланбақта. Өзбекстанда Россия капиталының қатнасыўында кән-металлургия, химия, тоқымашылық, аўыл хожалығы, фармацевтика ҳәм санлы тараўларда ири инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў даўам етпекте. Тийкарғы жойбарлар қатарында Алмалық кән-металлургия комбинатында 3-мыс байытыў фабрикасын иске қосыў, 4-фабрика қурылысына таярлық көриў, Шыршық ҳәм Жиззақ қалаларында индустриал парклерди раўажландырыў мәселелери бар.

Тәреплер транспорт-логистика тараўындағы бирге ислесиўдиң әҳмийетин айрықша атап өтти. Бүгинги күнде мәмлекетлеримиз арасында ҳәптесине 367 турақлы авиақатнаў әмелге асырылмақта, жүк ҳәм жолаўшы тасыў көлеми артпақта. Жақын келешекте халықаралық тасыўларды және де санластырыў ҳәм жаңа транспорт коридорларын раўажландырыў режелестирилген.

Күн тәртибинен билимлендириў, илим, мәденият, туризм ҳәм спорт мәселелери әҳмийетли орын ийеледи. Өзбекстанда Россияның 15 жоқары билимлендириў мәкемесиниң филиаллары табыслы жумыс алып бармақта, 2025-жылы Россиядан келген туристлердиң саны 1 миллионға шамаласып, бул рекорд көрсеткиш болды. Тәреплер мәденият күнлери, қоспа форумлар, билимлендириў ҳәм жаслар бағдарламаларын өткериў әмелиятын даўам еттириўге келисип алды.

Мәжилис жуўмағында ерисилген келисимлерди беккемлеген ҳәм Россия-Өзбекстан стратегиялық шериклигин буннан былай да раўажландырыўдың тийкарғы бағдарларын белгилеп берген Биргеликтеги коммюникеге қол қойылды.

Қоспа комиссияның гезектеги мәжилиси 2027-жылы Өзбекстанда болып өтеди.