Сөйлесиўлер "Халықтың саламатлығы ҳәм қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде трансмиллий нәшебентлик қәўип-қәтерлерине қарсы гүресиў" темасындағы форум шеңберинде болып өтти.
Онда Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министри, генерал-лейтенант Азиз Тошпулатов ҳәм АҚШ Мәмлекетлик департаментиниң Наркотиклерге қарсы гүресиў ҳәм ҳуқықты қорғаў бойынша халықаралық мәселелер бюросының Европа ҳәм Азия бағдарламалары офиси директоры Марк Тервакоски қатнасты.
Ушырасыўда тәреплер наркология қәўип-қәтерлери глобаллық көриниске ийе болып, айырым мәмлекетлер ҳәм улыўма регионлардың турақлылығына үлкен тәсир көрсетип атырғанын атап өтти. Еки тәреплеме ҳәм халықаралық бирге ислесиўди жаңа басқышқа алып шығыў, тәжирийбе алмасыўды жеделлестириў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Тәреплер регионаллық бирге ислесиў избе-из раўажланып атырғанын атап өтип, заманагөй қәўип-қәтерлерге қарсы нәтийжели гүресиўге ҳәрекетлерди халықаралық дәрежеде тығыз муўапықластырыў арқалы ерисиў мүмкин екенлигин атап өтти. Усы мүнәсибет пенен ҳуқық қорғаў уйымлары ушын заманагөй оқыў бағдарламаларын ислеп шығыў, техникалық потенциалды беккемлеў ҳәм жаңа қоспа басламаларды әмелге асырыў мәселелери додаланды.
Сөйлесиўлер жуўмағында додаланған темалардың әҳмийетлилиги ҳәм актуал екенлиги атап өтилди. Ушырасыў форум шеңбериндеги мазмунлы ҳәм әмелий байланыслардан бири болды, алға қойылған басламалар болса келешектеги бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарларын белгилеп алыўға хызмет ететуғыны атап өтилди.