Сөйлесиўлер даўамында Өзбекстан тәрепи мийнет миграциясы системасын халықаралық стандартларға муўапық раўажландырыў, сырт ел мийнет базарларын диверсификациялаў, сырт елде жумыс ислеў ушын талабанларды таярлаў, олардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплериниң қорғалыўын тәмийинлеў илажлары ҳаққында мағлыўмат берди.

Тәреплер Өзбекстан пуқараларын АҚШ аўыл хожалығы тараўына жумысқа жайластырыў бойынша тәжирийбе жойбарларын әмелге асырыў, сондай-ақ, зәрүр ҳүжжетлерди рәсмийлестириў мәселелерин додалады.

АҚШ елшиси нызамлы мийнет миграциясы бағдарламалары қатнасыўшыларын ҳәр тәреплеме таярлаў әҳмийетли екенин атап өтти. Оның айтыўынша, талабанлар келешектеги жумыс орны, мийнет ҳәм жасаў шараяты, қәрежетлери, қоллап-қуўатлаў илажлары, Өзбекстанға қайтыў мүддетлери ҳаққында алдыннан толық мағлыўмат алыўы керек.

Сондай-ақ, ҳүжжетлерди белгиленген талаплар тийкарында рәсмийлестириў, талабанлардың виза ҳәм миграция тарийхын алдыннан тексериў бойынша усыныслар берилди.

Ушырасыў жуўмағында тәреплер Миграция агентлиги ҳәм АҚШ елшиханасының консуллық хызмети арасында өз-ара бирге ислесиўди жолға қойыў, мәлимлеме алмасыўды шөлкемлестириў, сондай-ақ, жумыс бериўшилер менен сәўбетлесиў өткериў ҳәм ҳүжжетлерди тапсырыў процесин алдыннан муўапықластырыўға келисип алды.

Ушырасыў қатнасыўшылары тәжирийбе-сынақ жойбарлары ҳәм басқышпа-басқыш көзқарас тийкарында нызамлы мийнет миграциясы тараўындағы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўдан еки тәреп те мәпдар екенин тастыйықлады.