Сөйлесиўлер ўақтында еки тәреплеме бирге ислесиўди буннан былай да
раўажландырыў мәселелери додаланды. Энергетика Өзбекстан ҳәм Япония арасындағы
стратегиялық шерикликтиң әҳмийетли бағдарларынан бири екени айрықша атап
өтилди.
Тәреплер Өзбекстанда Японияның жетекши энергетика компанияларының
қатнасыўында электр энергиясын ислеп шығарыў, электр жеткерип бериў линияларын
раўажландырыў, сондай-ақ, мәмлекет газ транспорты системасының
инфраструктурасын модернизациялаў бойынша ири жойбарлардың әмелге асырылыў
барысын көрип шықты.
Ушырасыў жуўмағында энергетика тараўында өз-ара пайдалы жойбарларды және
де алға қойыў ҳәм тығыз бирге ислесиўди избе-из даўам еттириўге келисип алынды.