Тәреплер саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм санаат тараўларындағы бирге ислесиўди кеңейтиў, тийкарғы тармақларда қоспа жойбарларды әмелге асырыў перспективаларын додалады.

Усы жылдың гүзинде Йоханнесбург қаласына Өзбекстанның 50 ге шамалас компаниясының бизнес миссиясын таярлаў ҳәм Қубла Африка исбилерменлери менен мәнзилли В2В ушырасыўларын өткериўге айрықша итибар қаратылды.

Сондай-ақ, Ҳүкиметлераралық комиссияны дүзиў, саўда ҳәм инвестицияларды қорғаў тараўындағы келисимлерди таярлаў ҳәм Жеңиллетилген саўда ҳаққындағы келисим үстинде жумысларды баслаў мәселелери көрип шығылды.

Сөйлесиўлер жуўмағында биргеликтеги басламаларды ислеп шығыўды даўам еттириў ҳәм перспективалы жойбарлар портфелин қәлиплестириўге келисип алынды.