Мәжилис "Халықаралық миннетлемелерден - нәтийжели әмелге асырыўға
қарай: инсан ҳуқықлары тараўында миллий имплементация механизмлериниң
орны" темасында өтти.
Додалаўда Өзбекстанның суд ҳәм нызам шығарыўшы уйымлары, Түркия, Таиланд,
Қатар, Марокко, Қазақстан, Россия миллий инсан ҳуқықын қорғаў институтлары,
сондай-ақ, халықаралық шөлкемлер ҳәм экспертлер жәмийетшилигиниң ўәкиллери
қатнасты. Бир қатар қатнасыўшылар онлайн тәризде шығып сөйледи.
Тийкарғы итибар уйымлараралық муўапықластырыў, халықаралық
миннетлемелерди әмелге асырыў, есап бериў ҳәм мониторинг етиў бойынша миллий
механизмлердиң жумысы, алдынғы халықаралық тәжирийбени қолланыў мәселелерине
қаратылды.
Атап
өтилгениндей, 30 жыл даўамында Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Миллий орайы
инсан ҳуқықлары тараўындағы халықаралық стандартларды алға қойыў,
мәмлекетимиздиң халықаралық миннетлемелерин орынлаў, БМШ механизмлери менен
бирге ислесиў, сондай-ақ, тараўдағы билимлендириў ҳәм изертлеўлерди
раўажландырыўда әҳмийетли орын ийелеп келмекте.
Форум шеңберинде “Capstone
Project Uzbekistan” инсан ҳуқықлары бойынша билимлендириў бағдарламасының
жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими де болып өтти. Сыйлықларды Инсан ҳуқықлары
бойынша Өзбекстан Миллий орайының директоры, академик Акмал Саидов,
Нидерландияның Өзбекстандағы елшиханасы миссиясы баслығының орынбасары Мартин
Ван Бюрен ҳәм Халықаралық раўажланыў ҳәм әдил судлаў орайының президенти Азамат
Шамбилов тапсырды.