Делегация қурамында Олий Мажлис Сенатының Илим, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў мәселелери комитетинде турақлы жумыс алып барып атырған ағзасы Гүлнара Маруфова, Жоқарғы суд баслығының орынбасары Малика Қаландарова, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети баслығының орынбасары Мукаррам Нурматова, Инсан ҳуқықлары бойынша миллий орай директорының орынбасары Дилноза Муратова бар.
Илаж кекселердиң ҳуқықларын қорғаў, әдил социаллық ҳәм ҳуқықый сиясатты алға қойыў бойынша глобал көзқарасларды додалаў ушын әҳмийетли майданға айланды.
Додалаў шеңберинде қатнасыўшылар жасы үлкен ҳаяллар ушырасып атырған тийкарғы машқалалар: жасқа байланыслы кемситиў, денсаўлықты сақлаў, социаллық хызметлер ҳәм әдил судлаўдан пайдаланыў имканиятларының шекленгенлигин додалады. Социаллық қорғаў ҳәм пенсия тәмийнаты бағдарламаларына гендер-сезимли қатнасты енгизиў зәрүрлигине айрықша итибар қаратылды.
Дөгерек сәўбетинде Өзбекстан Республикасы Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети баслығының орынбасары М.Нурматова шығып сөйлеп, елимизде кекселерди қоллап-қуўатлаў бойынша көрилип атырған комплексли илажлар ҳаққында толық мағлыўмат берди. Ол Өзбекстанның социаллық қорғаўдың ҳуқықый ҳәм институционаллық тийкарларын беккемлеў, мүнәсип пенсия тәмийнатын тәмийинлеў, жасы үлкен ҳаял-қызлардың жәмийетлик ҳәм экономикалық турмыста қатнасыўы ушын имканиятларды кеңейтиў бағдарындағы ҳәрекетлерин атап өтти.
Өзбекстан делегациясы, сондай-ақ, кекселер ушын тосқынлықларды сапластырыўға қаратылған миллий тәжирийбелер ҳәм басламалар менен бөлисти, миллий дәрежеде енгизиў мүмкин болған табыслы халықаралық үлгилерди үйренди.
Мәмлекетимиздиң бул илажда қатнасыўы Өзбекстанның барлық жастағы ҳаял-қызлардың ҳуқықларын қорғаў, кексе ҳаяллардың социаллық ҳәм экономикалық жағдайын беккемлеў бойынша комплексли сиясатты раўажландырыў, сондай-ақ, халықаралық тәжирийбе ҳәм ең жақсы әмелиятларды белсене алмасыў бағдарындағы умтылысларын сәўлелендиреди.
Министрлер ушырасыўында кекселердиң ҳуқықларын тәмийинлеў тек ғана социаллық әдиллик мәселеси емес, ал турақлы раўажланыў ҳәм улыўма жәмиеттиң социаллық абаданлығын беккемлеўдиң стратегиялық элементи екени атап өтилди.
Өзбекстан Республикасының Инсан ҳуқықлары бойынша Миллий орай баспасөз хызмети