2019-жыл 2-сентябрьде "Ҳаял-қызларды күш көрсетиў ҳәм зорлықтан қорғаў ҳаққында"ғы нызам қабыл етилгени дәслепки системалы қәдемлерден бири болды. Ҳүжжетте ҳаял-қызлардың қорғаўға мүрәжат етиў, ҳуқықый мәсләҳәтлер, социаллық ҳәм психологиялық жәрдем алыў, материаллық ҳәм мораллық зыянның орнын қаплаўға ерисиў ҳуқықы беккемлеп қойылды. Нызам зорлықтың физикалық, психологиялық ҳәм экономикалық тийкарғы түрлерин белгилеп берди.

2023-жыл 11-апрельде бир қатар нызам ҳүжжетлерине ҳаял-қызлар ҳәм балалардың ҳуқықларын қорғаў кепилликлерин күшейтиўге қаратылған өзгерислер киргизилген нызамның қабыл етилгени айрықша әҳмийетке ийе болды. Нызамшылықта шаңарақлық (турмыслық) зорлық ушын ҳәкимшилик ҳәм жынайый жуўапкершилик белгиленди. Атап айтқанда, Жынаят кодекси зорлық ҳәрекетлери ушын жуўапкершиликти нәзерде тутатуғын 1261-статья менен толықтырылды. Бул шаңарақтағы зорлыққа ҳуқықый баҳа бериўди беккемлеў, жүз берген қылмыстың өзгешелиги ҳәм аўырлығын есапқа алған ҳалда айыпкерлерди жуўапкершиликке тартыў механизмин жаратыў имканиятын берди.

Қорғаўдың әмелий қуралы қорғаў ордерине айланды, ол қәўипти оператив түрде анықлаў, зорлық ислеген шахсқа шеклеўлер орнатыў ҳәм зәрүр хызметлерди жалғаў имканиятын береди. Әмелдеги тәртипке бола, арза профилактика инспекторы тәрепинен көрип шығылып, ол 24 саат ишинде жағдайды тексереди ҳәм тийкарлары болса қорғаў ордерин береди. Оның дәслепки мүддети 30 күнге шекем. Қәўип сақланып қалған жағдайда суд ҳүжжеттиң әмел етиўин бир жылға шекем созыўы мүмкин. Шеклеўлер жәбирлениўши менен байланыста болыўды, белгили орынларға барыўды, оның жумыс орнына жақынласыўды қадаған етиўди нәзерде тутыўы мүмкин. Айрым жағдайларда суд жәбирлениўши жасап атырған турақ жайдан пайдаланыўға ўақыча шеклеўлер орнатыўға ҳақылы.

- Қорғаў ордериниң әҳмийети жағдайға өз ўақтында араласыў ҳәм қайтадан ҳуқықбузарлық ислеў қәўпин азайтыў имканиятында болып есапланады. Онда бул механизмниң нәтийжелилиги қәўип-қәтердиң қаншелли пуқта баҳаланыўы, белгиленген талаплардың орынланыўы қадағаланыўы ҳәм ҳаял-қыздың буннан былай да қоллап-қуўатланыўы тәмийинлениўине байланыслы, - дейди ТМЮУ профессоры Лейла Бурханова. - Қайта мүрәжат, қәўип-қәтер ҳәм шеклеўлердиң бузылыўына дәрҳәл ҳуқықый баҳа берилиўи керек. Әмелдеги тәртип бойынша, календарь жылы даўамында 2 ҳәм оннан артық күш көрсетиў ямаса зорлық ҳаққындағы хабарлар келип түскенде ишки ислер уйымлары қорғаў ордерин бериўи шәрт.

Шаңарақ ҳәм турақ жай нызамшылығында қосымша кепилликлер пайда болды. Өзбекстан Республикасының 2025-жыл 9-апрельдеги Нызамында шаңарақтағы (турмыслық) зорлықтан жәбирленген шахс суд тәрепинен жарасыў ушын мүддет белгиленбестен турып некени бузыўды талап етиў ҳуқықы беккемлеп қойылды. Бул норма зорлық көрсеткен адам менен байланыста болыў қәўпин сақлаған ҳалда, узақ мүддетли суд процесслеринен өтиўге мәжбүр болған ҳаяллар ушын айрықша әҳмийетке ийе. Сондай-ақ, нызамда турақ жайдан пайдаланыў ҳаққындағы келиспеўшиликлерди шешиўде турақ жай мәплерин қорғаўдың қосымша имканиятлары нәзерде тутылған: суд белгили бир шәртлерде мүлк ийесине турақ жайға кирип атырған тәрепке баҳасы тең басқа турақ жайды бериў ямаса ижара ҳақысын төлеп бериў миннетлемесин жүклей алады.

Кейинги басқыш социаллық жәрдем системасының раўажланыўы болды. 2024-жыл 14-ноябрьде қабыл етилген "Балаларды зорлықтың барлық түрлеринен қорғаў ҳаққында"ғы нызамда жас өспиримлер қәўипсизлигиниң қосымша ҳуқықый кепилликлери беккемленди. Бул жумыс шаңарақтағы зорлық-зомбылық машқаласына тиккелей байланыслы: шаңарақта келиспеўшилик ҳәм зорлық-зомбылықтың гүўасы болған балалар да психологиялық қоллап-қуўатлаўға, қәўипсиз орталыққа ҳәм қәнигелердиң өз ўақтындағы жәрдемине мүтәж. Зорлықтың ақыбетлери олардың эмоционаллық жағдайына, минез-кулкына, оқыўға уқыплылығына ҳәм өзгелер менен мүнәсибет қура алыўына тәсир етиўи мүмкин.

2026-жыл 11-сентябрьде қабыл етилген ҳәм 12-сентябрьден күшке кирген нызам менен жәрдем системасын жетилистириўдиң жаңа басқышы белгиленди. Ҳүжжет қысым ҳәм зорлықтан жәбирленген ҳаял-қызлар ҳәм олардың жас өспирим перзентлери ушын социаллық кепилликлерди кеңейтиўге қаратылған. Атап айтқанда, мәмлекет есабынан қәнигели юридикалық жәрдем көрсетиў, жойтылған биометрикалық паспорт ҳәм ID-карталарын тиклеў, сондай-ақ, туўылғанлық ҳәм некеден өткенлик ҳаққындағы гүўалықларды қайта бергени ушын жәбирленгенлерди мәмлекетлик бажыдан азат етиў нәзерде тутылған. "Инсан" социаллық хызметлер орайларына жойтылған банк карталарын тиклеў бойынша коммерциялық банклерге мүрәжат етиў ушын исеним хатларын рәсмийлестириўге байланыслы қосымша ўәкилликлер берилди. Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлиги тараўдағы ўәкилликли уйым етип белгиленди.

- Бул қағыйдалардың әмелий қунлылығы анық. Қәўипли орталықтан шығып кеткен ҳаял бир қатар турмыслық ҳәм ҳуқықый қыйыншылықларға дус келиўи мүмкин: ҳүжжетлердиң жоқлығы, банк есап бетинен пайдаланыў, ажырасыўды рәсмийлестириў, балалардың жасаў орнын анықлаў, алимент өндириў ямаса мүлкке байланыслы тартысты шешиў зәрүрлиги, - деп даўам етеди Л.Бурханова. Бундай машқалалардың ҳәр бири еркин турмысқа қайтыўды қыйынластырыўы мүмкин. Мәмлекетлик юридикалық жәрдем қаржылай тосқынлықларды азайтыў ҳәм өз ҳуқықларын қорғаўда профессионал жәрдем алыў имканиятын береди. Әсиресе, нәзерде тутылған кепилликлер жәбирленгенлердиң жас өспирим перзентлерине де енгизилиўи айрықша әҳмийетке ийе.

Ҳаял-қызларды тиклеў ҳәм бейимлестириў, "Инсан" социаллық хызметлер орайлары тиккелей қоллап-қуўатлаў ушын мөлшерленген. Ҳаял-қызлар социаллық, психологиялық, медициналық ҳәм ҳуқықый жәрдем, соның ишинде, егер зәрүрлик болса, ўақтынша қәўипсиз жайластырыў имканиятына ийе болыўы мүмкин. Зорлық ҳаққында жәбирлениўшиниң өзи, оның нызамлы ўәкили, басқа пуқара, мәмлекетлик уйым ямаса шөлкем хабар бериўге ҳақылы. Онда социаллық, психологиялық ҳәм юридикалық хызметлерден пайдаланыў ушын қорғаў ордерин алдыннан рәсмийлестириў талап етилмейди.

Социаллық қорғаў миллий агентлигиниң мағлыўматлары бундай механизмлерге талап жоқары екенлигинен дәрек береди. Усы жылдың 9 айы даўамында елимизде 107 мың 167 қорғаў ордерлери рәсмийлестирилген. Усы дәўирде басланғыш медициналық жәрдем көрсетиў бөлмелеринде 5995 ҳаял ҳәм 2842 бала, аймақлық реабилитациялаў ҳәм бейимлестириў орайларында және 1132 ўатанласымыз ҳәм 1575 бала қоллап-қуўатланды. 836 пуқараға медициналық жәрдем көрсетилди, 453 пуқара кәсип-өнерге оқытылды. Бул көрсеткишлер тәсир көрсетиў ҳәм социаллық қоллап-қуўатлаў системасының жумыс көлемин көрсетеди. Соның менен бирге, қорғаў ордерлериниң саны мүрәжатларды ҳәм көрилген қорғаў илажларын характерлейди, соның ушын өз-өзинен зорлықтың тарқалыў көлеми ямаса оның дәрежесиниң төменлеўи ҳаққында пикир жүргизиўге мүмкиншилик бермейди.

Узақ мүддетли профилактика зорлық ислеўшилер менен ислесиўди де нәзерде тутады. Нызамда нәзерде тутылған санкцияларды қолланыў ҳуқыққа қайшы ҳәрекетлердиң тәкирарланыўы факторларын баҳалаў, тийисли тийкарлар болған жағдайда болса психологиялық ҳәм қәнигелестирилген дүзетиў жумыслары менен бирге алып барылыўы керек. Бундай искерлик профессионал бағдарламаларды ҳәм олардың нәтийжелерин қадағалаўды талан етеди. Зорлық-зомбылық спиртли ишимликлер, наркотик затларды пайдаланыў, қорқытыў ямаса жақынларының минез-қулқын қадағалаўға турақлы умтылыў менен байланыслы болған жағдайларға айрықша итибар қаратыў лазым.

Халықаралық тәжирийбе ҳаял-қызларды қорғаў системасын жетилистириў ушын қосымша имканиятлар ашады. БМШ Ҳаял-қызларды кемситиўге қарсы гүресиўди сапластырыў бойынша комитетиниң усыныслары ҳәм халықаралық шөлкемлердиң материалларында ҳуқықый, психологиялық ҳәм социаллық жәрдемди шөлкемлестириў, қәнигелерди таярлаў ҳәм зорлық профилактикасының нәтийжелилигин арттырыўға байланыслы пайдалы көзқараслар бар. Миллий өзгешеликлерди есапқа алған ҳалда ең жақсы халықаралық тәжирийбелерди үйрениў ҳәм қолланыў Өзбекстанға шаңарақты қоллап-қуўатлаўдың әмелдеги механизмлерин кеңейтиў, тараўға байланыслы хызметлердиң жумысын жетилистириў, ҳаял-қызлар ҳәм балалардың қәўипсизлигин тәмийинлеў ушын қосымша шараятлар жаратыў имканиятын береди.

Мәмлекет ҳәм жәмийеттиң улыўма ўазыйпасы - ҳәр бир ҳаял-қыз ҳәм ҳәр бир баланың өзин қорғаўлы сезетуғын, өз ҳуқықларын билетуғын ҳәм қоллап-қуўатлаўға исене алатуғын шараятларды тәмийинлеўден ибарат. Мине, усындай ҳүрмет, исеним ҳәм жуўапкершилик орталығы абадан ҳәм қәўипсиз шаңарақтың тийкарына айланады.

Анастасия Боровикова,

«Правда Востока».