Транспорт коридорларын раўажландырыў, логистика шынжырларын беккемлеў, тараўды санластырыў ҳәм шегара тәртиплерин әпиўайыластырыў мәселелери додаланды.

Форумда Өзбекстан транспорт министри Илҳом Маҳкамов қатнасты. Ол өзиниң шығып сөйлеген сөзинде Орайлық Азия әҳмийетли транзит регионының ролин күшейтип атырғаны, Қырғызстан болса Өзбекстанның әҳмийетли стратегиялық шериги екенин атап өтти.

Санлы шешимлерди, соның ишинде, e-Permit ҳәм e-CMR системаларын енгизиў, мультимодаль тасыўларды раўажландырыў, "жасыл коридорлар" ҳәм заманагөй логистика орайларын шөлкемлестириў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Форум жуўмағында қатнасыўшылар регионда транспорт байланыслылығын буннан былай да беккемлеў ҳәм бирге ислесиўди кеңейтиўге таяр екенин тастыйықлады.