Наманган ўәлаяты исбилерменлериниң басламасы менен Минск ҳәм Гродно
қалаларында саўда үйлери ашылды, деп хабар бермекте "Дунё" МА.
Минсктеги ашылыў мәресиминде Наманган ўәлаяты ҳәкимлиги ҳәм ўәлаят ҳәкими
Шавкат Абдураззоқов басшылығындағы Өзбекстан исбилермен топарларының ўәкиллери,
Өзбекстан елшиси Нуриддин Мамажонов, Минск қалалық атқарыў комитети баслығының
биринши орынбасары Александр Комендант, сондай-ақ, Беларусьтың бир қатар
министрликлери ҳәм уйымларының ўәкиллери қатнасты.
Мәресимде сөзге шыққан Александр Комендант жоқары дәрежеде ерисилген
келисимлер себепли Беларусь ҳәм Өзбекстан арасындағы бирге ислесиў
конструктивлик бағдарда раўажланып атырғанын атап өтти.
"Бул илажлар
бирге ислесиўдиң жаңа форматы шеңбериндеги дәслепки қәдемлерден бири болып
есапланады. Бул саўда үйлери Минск ҳәм ўәлаят турғынлары арасында өтимли
болатуғынына исенемен", - деди ол.
Саўда үйлериниң
ашылыўы Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Беларусь Президенти Александр
Лукашенко арасындағы өз-ара саўданы және де раўажландырыў ҳәм исбилерменлик
байланысларын беккемлеўге қаратылған келисимлердиң нәтийжеси болды.
Бүгинги күнде
саўда үйлеринде сүлги, халат, трикотаж, балалар, ҳаял-қызлар ҳәм ерлер
кийимлери, көрпе-төсек сыяқлы кең түрдеги тоқымашылық өнимлери саўдаға
қойылған. Өнимлердиң бәсекиге шыдамлы баҳасы ҳәм сапасына айрықша итибар
қаратылды.
Жақын ўақыт
ишинде Наманган ўәлаятында ислеп шығарылып атырған басқа да товарлардың қатары
кеңейтиледи. Атап айтқанда, кептирилген мийўелер, шербетлер, консерваланған
өнимлер ҳәм жемлерди сатыўды жолға қойыў режелестирилген.
Саўда үйиниң
шөлкемлестириўшиси, наманганлы исбилермен Ҳакимжан Файзуллаевтың пикиринше,
өнимлердиң баҳасы социаллық арзан дәрежеге бағдарланған, бул болса беларуслы
тутыныўшылардың Өзбекстаннан алып келинетуғын өнимлерге қызығыўшылығын
арттырады.