Илажда еки елдиң исбилермен топарларының ўәкиллери, ири исбилерменлер, Саўда-санаат палаталары ҳәм тараўға байланыслы шөлкемлердиң басшылары қатнасты. Форум өз-ара пайдалы байланысларды беккемлеў, саўда-экономикалық бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў ушын жаңа имканиятлар жаратыў мақсетинде шөлкемлестирилди.
Форумда шығып сөйлеген Ферғана ўәлаяты ҳәкими Хайрулло Бозоров ўәлаятта әмелий сапар менен болып турған Гомель ўәлаяты атқарыў комитетиниң баслығы Иван Крупко басшылығындағы делегацияға миннетдаршылық билдирди. Ушырасыў Өзбекстан ҳәм Беларусь арасындағы стратегиялық шериклик беккемленип атырған шараятта өтип атырғаны атап өтилди.
Жоқары дәрежедеги жедел сиясий сөйлесиў қатнасықлардың турақлы пәт пенен раўажланыўын тәмийинлеп атырғаны, аймақлараралық бирге ислесиў бул процесстиң әҳмийетли драйверине айланып атырғаны атап өтилди.
2025-жылдың жуўмақларына бола, Ферғана ўәлаяты ҳәм Беларусь аймақлары арасындағы товар алмасыў көлеми 42 миллион долларды қурады. Бүгинги күнде ўәлаятта Беларусь капиталының қатнасыўында бир қатар инвестициялық жойбарлар табыслы әмелге асырылмақта, сондай-ақ, 12 қоспа кәрхана жумыс алып бармақта, бул исбилермен топарлар арасындағы исеним ҳәм әмелий бирге ислесиўдиң жоқары дәрежесинен дәрек береди.
Форумның өткерилиўи, 2026-2027-жылларға мөлшерленген "жол картасы"на қол қойылыўы, сондай-ақ, аймақлардың Саўда-санаат палаталары арасындағы бирге ислесиў ҳаққындағы келисимлер тиккелей байланысларды раўажландырыўдың әҳмийетли қураллары екени атап өтилди. Бул механизмлер жаңа кооперациялық жойбарларды әмелге асырыў, өз-ара саўданы кеңейтиў ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди жеделлестириўге тийкар жаратады.
Гомель ўәлаяты атқарыў комитетиниң баслығы Иван Крупко да мәмлекетлеримиз арасындағы қатнасықлар стратегиялық шериклик шеңберинде избе-из раўажланып атырғаны, бул процессте Ферғана ўәлаяты менен бирге ислесиў үлкен әҳмийетке ийе екенин атап өтти.
Форум шеңберинде еки ўәлаяттың санаат потенциалы, инвестициялық тартымлылығы ҳәм туристлик имканиятлары ҳаққында видеоматериаллар таныстырылды. Ўәлаят ҳәкиминиң орынбасары Нуриддин Мамажанов Ферғана ўәлаятының инвестициялық ҳәм экспорт потенциалы менен таныстырып, Гомель ўәлаятының ири компанияларының ўәкиллери өз жойбарлары менен таныстырды.
Илаж соңында В2В форматында ушырасыўлар өткерилип, анық инвестициялық ҳәм кооперациялық жойбарларды әмелге асырыў бойынша келисимлерге ерисилди.