Мағлыўмат ушын, "Ҳисор" мәмлекетлик қорықханасы 1983-жылы Қашқадәрья ўәлаятында Ҳисор таў дизбегиниң арқа-батыс тармақлары тәбият комплекслерин бирлемши түрде сақлап қалыў, тәбийғый процесслердиң тәбийғый барысын үйрениў, тәбиятты қорғаўдың илимий тийкарларын әмелиятқа енгизиў, сондай-ақ, флора ҳәм фаунаның сийрек ушырасатуғын ўәкиллерин жабайы ҳалда сақлап қалыў мақсетинде шөлкемлестирилген. Қорықхана Гелон, Мирака, Танхаздәрья ҳәм Қызылсуў бөлимлеринен ибарат.

"Ҳисор" мәмлекетлик қорықханасының улыўма майданы 80 986,1 гектар. Соннан 24 мың 308 гектары тоғайлық, соның ишинде, 12 мың 203 гектары қалың тоғайлық. Тоғай менен қапланбаған жер майданы 56 мың 678 гектар болып, соннан 171 гектары дәрья ҳәм көллер, 31 мың 819 гектары жартас ҳәм сайлар, 24 мың 688 гектары жайлаўлар болып есапланады. Аймақтың 35 мың гектары бийик таўлы аймақлар, жартаслар, сайлар ҳәм музлықлардан ибарат.