Илаж шеңберинде жергиликли дийқанлар тәрепинен жетистирилген қаўын ҳәм ғарбыздың ең жақсы сортлары көргизбеси ҳәм дегустациясы өткериледи. Сондай-ақ, мийманлар миллий көркем өнер ҳәм өнерментшилик үлгилери менен жақыннан танысыў имканиятына ийе болады.

Фестиваль бағдарламасында байрам концертлери, фольклор жәмәәтлериниң шығыўлары, дәстүрий дөретиўшилик көргизбелери өткериледи.

Бул жерге келиўшилер арнаўлы үскенеленген фотоаймақларда естелик ушын сүўретке түсиўи, сондай-ақ, ярмаркадан өнерментшилик буйымларын сатып алыўы мүмкин болады.