Сөйлесиўлер ўақтында Рустам Минниханов Татарстанның Россия-Өзбекстан қатнасықларын раўажландырыўға қосып атырған үлкен үлесин атап өтип, аймақлараралық бирге ислесиў өз-ара саўданы кеңейтиў ҳәм экономикалық байланысларды беккемлеўге хызмет етип атырғанын атап өтти, деп хабар берди РТ баспасөз хызметиниң баслығы.
Оның сөзлерине бола, Татарстан инвестициялық тартымлылық бойынша жетекшилер қатарына киреди ҳәм Россияның экономикалық жақтан ең раўажланған аймақларынан бири болып есапланады. Республика нефть қазып алыў ҳәм нефтти қайта ислеўдиң ири орайы болып, бул жерде нефть-химия, машина қурылысы, автомобиль, самолёт, вертолёт ҳәм кеме қурылысы раўажланбақта. Инновацияларды енгизиў ҳәм технологияларды раўажландырыўға айрықша итибар қаратылмақта.
Тәреплер Қашқадәрья ўәлаятында Татарстан бизнесиниң қатнасыўында инвестициялық жойбарды әмелге асырыў - Орайлық Азиядағы ең ири "Гелон" дем алыў орайларын қурыў мәселесин де додалады.
Азимов жойбар Өзбекстан Президенти тәрепинен қоллап-қуўатланғанын, зәрүр инженерлик-коммуникация инфраструктурасы менен тәмийинленип атырғанын атап өтти. Комплексти үш басқышта әмелге асырыў нәзерде тутылған.
Ушырасыў жуўмағында тәреплер аймақлараралық бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў ҳәм биргеликтеги инвестициялық басламаларды әмелге асырыўдан мәпдар екенин тастыйықлады.