Жалпы мәжилисте Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Жамшид
Хўжаев, Беларусь Республикасы Бас министриниң орынбасары Юрий Шулейко,
сондай-ақ, еки мәмлекет ҳүкиметлери, аймақлар ҳәкимликлери, тийисли
министрликлер ҳәм уйымлар, исбилермен топарлардың ўәкиллери қатнасты.
Сөйлесиўлер ўақтында Беларусь Өзбекстанның әҳмийетли стратегиялық
шериклеринен бири екени, еки тәреплеме бирге ислесиў барған сайын әмелий
бағдарланған түрге енип атырғаны атап өтилди.
Форум қатнасыўшылары тиккелей аймақлараралық байланысларды раўажландырыў,
санаат кооперациясын кеңейтиў ҳәм қоспа өндирислик жойбарларды әмелге асырыўға
айрықша итибар қаратты. Өзбекстан
ҳәм Беларусь экономикалары бир-бирин толықтырып, өндиристи локализациялаў,
қосымша қун шынжырларын қәлиплестириў ҳәм үшинши мәмлекетлер базарларына
биргеликте шығыў ушын қолайлы шараятлар жаратып атырғаны атап өтилди.
Форум жуўмағында
еки тәреплеме бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеўге қаратылған
аймақлараралық ҳүжжетлерге, инвестициялық ҳәм саўда-экономикалық келисимлерге
қол қойыў мәресими болып өтти.
Илаждың
исбилерменлик бағдарламасында санаат, аўыл хожалығы, ағаш таярлаў ҳәм мебель
қурылысы тармақларын раўажландырыў, социаллық-гуманитарлық тараўлардағы бирге
ислесиўге бағышланған тематикалық сессиялар өткерилди.