Үстирт тегислиги ҳәм Арал
теңизиниң қурыған ултаны - экстремал автомобиль жарысларын өткериў ушын Орайлық
Азияның ең әжайып тәбийғый орынларынан бири дәстүрий жарыс майданшасына
айланады.
Ҳәр жылы бул илаж
профессионал спортшылар, туристлер, фотографлар, блогерлер ҳәм экстремал туризм
ықласбентлериниң итибарын тартады.
Жарыста арнаўлы таярланған,
техникалық қәўипсизлик талапларына жуўап беретуғын спорт автомобильлери, багги
ҳәм мотоцикллерде спортшылар қатнасады.
Жарыслар бир неше категорияда, соның ишинде,
двигатель көлеми 1600 ҳәм 2000 куб сантиметрге шекем болған автомобильлер,
багги ҳәм ҳәр қыйлы класстағы мотоцикллерде өткериледи.
Шөлкемлестириўшилердиң атап өтиўинше, «Rally Muynak»тың
өткерилиўи ўақыя ҳәм экстремал туризмди раўажландырыў, Қарақалпақстанның
туристлик тартымлылығын арттырыў ҳәм Аралбойының сийрек ушырасатуғын тәбийғый
мийрасын үгит-нәсиятлаўға хызмет етеди.