Энергетика министрлигиниң мәлим етиўинше, жойбардың баҳасы 390 миллион АҚШ долларын қурайды.

Жойбар Қытайдың «China Energy Overseas Investment» компаниясы менен биргеликте әмелге асырылды. Жойбар шеңберинде 30 турақлы жумыс орны жаратылған.

Жойбарды әмелге асырыў нәтийжеси: жылына 657 миллион кВт/саат "жасыл" энергия ислеп шығарылады, бул 273 мың шаңарақтың жыллық электр энергиясына болған талабына тең. Онда 175 миллион куб метр тәбийғый газ үнемленеди ҳәм атмосфераға 377 мың тонна зыянлы шығындылардың алдын алынады.