Сессия даўамында қураллы келиспеўшиликлер ҳәм ҳәр қыйлы кризисли жағдайлардың жаслар турмысына тәсири, олардың ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў, билим алыў имканиятын тәмийинлеў, тыныш ҳәм қәўипсиз турмыс кешириў ушын зәрүр шараятларды жаратыў мәселелери додаланды.

Додалаўда қатнасқан БМШтың Орайлық Азиядағы қашқынлар ислери бойынша Жоқарғы комиссарының ўәкили, Инсан ҳуқықлары бойынша комитет, Парламентлераралық аўқамның Жас парламентарийлер бюросы, Өзбекстан, Кения, Сербия ҳәм Таиланд парламентлериниң ўәкиллери өз пикир-усынысларын билдирди.

Сөзге шыққанлар келиспеўшиликлер шараятында жаслардың ҳуқықларын нәтийжели қорғаў, оларға зәрүр социаллық ҳәм гуманитарлық жәрдем көрсетиў, билимлендириў ҳәм раўажланыў ушын имканиятларды сақлап қалыў бағдарында халықаралық бирге ислесиўди күшейтиў мәселелерине айрықша итибар қаратты.

Сондай-ақ, жаслардың ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў, олардың машқалаларын шешиўге қаратылған нызамшылық ҳәм парламентлик қадағалаў механизмлерин жетилистириўде парламентлердиң роли ҳаққында пикир алысылды.

Сессия жуўмағында жаслардың ҳуқықларын исенимли қорғаў, олардың тынышлық орнатыў ҳәм жәмийетлерди тиклеў процесслериндеги қатнасын кеңейтиў, бул бағдарда парламентлер ҳәм халықаралық шөлкемлер арасындағы бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.