Онда Олий Мажлис жанындағы Пуқаралық жәмийети институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фондының қаржыларын басқарыў бойынша Парламент комиссиясының баслығы Алишер Агзамхўжаев қатнасып, форумның ашылыўында кирис сөз бенен шығып сөйледи.

Форумда 150 ге шамалас қатнасыўшы, соның ишинде, Өзбекстан ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлери парламентлериниң сенаторлары ҳәм депутатлары, мәмлекетлик уйымлар ҳәм пуқаралық жәмийети институтлары, халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери, экспертлер ҳәм аналитиклер, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Сенатор өзиниң шығып сөйлеген сөзинде бүгинги қыйын шараятта пуқаралық жәмийети институтлары халықтың мүтәжликлерин анықлаў, қарар қабыл етиўшилерге жеткериў ҳәм оларды әмелге асырыўда мәмлекеттиң ең жақын шериги сыпатында әҳмийетли орын ийелейтуғынын атап өтти.

Орайлық Азияның тынышлығы ҳәм абаданлығы тек ғана мәмлекетлераралық келисимлерге емес, ал халықлар арасындағы байланыслар, пуқаралық жәмийети институтларының бирге ислесиўи ҳәм биргеликтеги басламаларға да байланыслы екени, соның ушын миллий тәжирийбени регионаллық нәтийжеге айландырыў әҳмийетли екени атап өтилди.

Соның менен бирге, форум додалаўларын әмелий шешимлерге бағдарлаў, мәмлекет ҳәм пуқаралық жәмийети арасындағы сөйлесиўди күшейтиў, социаллық жойбарларды ашық-айдын ҳәм турақлы қаржыландырыў, жәмийетлик қадағалаўды жетилистириў ҳәм санлы қураллар арқалы пуқаралардың қатнасын кеңейтиў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Өзбекстанда "Өзбекстан - 2030" стратегиясы шеңберинде инсан қәдири, ҳуқықлары ҳәм мәплерин тәмийинлеў, пуқаралық жәмийети институтларын қоллап-қуўатлаў, жәмийетшиликтиң қатнасын кеңейтиўге қаратылған реформалар избе-из әмелге асырылмақта. Орайлық Азия мәмлекетлери арасында тәжирийбе алмасыў ҳәм пуқаралық жәмийети институтларының өз-ара бирге ислесиўи регионда исеним, жақсы қоңсышылық ҳәм улыўмалық раўажланыўды беккемлеўге хызмет етип атырғаны атап өтилди.

Форум шеңберинде әҳмийетли мәселелер, яғный халық басқарыўы ҳәм социаллық шериклик, инсан мәплери ҳәм абаданлығы, жаслар ҳәм ҳаял-қызлар белсендилиги, санлы трансформация, экологиялық басламалар, биргеликтеги жойбарлар ҳәм тәжирийбе алмасыў мәселелери додаланды. Додалаўлар үш параллель илаж ҳәм тоғыз сессия шеңберинде өткерилди, онда қатнасыўшылар мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик институтлар арасындағы бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша пикир алысты.

Форумның әҳмийетли тәрепи Өзбекстан ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлериниң тәжирийбесин үйрениў, алдыңғы көзқарасларды додалаў ҳәм оларды әмелиятқа енгизиў бойынша улыўма көзқарасларды белгилеўден ибарат болды.

Илаж жуўмағында қатнасыўшылар пуқаралық жәмийети институтларын қоллап-қуўатлаў, мәмлекетлик уйымлар менен бирге ислесиўди беккемлеў ҳәм регионаллық байланысларды буннан былай да раўажландырыўға қаратылған биргеликтеги усыныслар ҳәм резолюция қабыл етилиўин белгилеп алды.