Соңғы жылларда өзбек тилин раўажландырыў, оның мәмлекетлик
тил сыпатындағы абырайын арттырыўға үлкен итибар қаратылмақта. Өзбек тили
сиясий-ҳуқықый, социаллық-экономикалық, руўхый-ағартыўшылық тараўларда ҳәм
халықаралық майданда жедел қолланылмақта. Сырт еллерде өзбек тилин үйрениўге
болған итибар ҳәм қызығыўшылық артып бармақта.
Бундай шараятта латын графикасына тийкарланған өзбек
әлипбесин ҳәм имла қағыйдаларын және де жетилистириў турмыслық зәрүрликке
айланды.
Бул бағдарда қәнигелер тәрепинен алып барылған
илимий-изертлеў жумыслары тийкарында өзбек әлипбеси ҳәм латын графикасына
тийкарланған имла қағыйдалары жетилистирилди.
Ҳүжжетке муўапық, нызамға латын графикасына тийкарланған
өзбек әлипбесиниң 28 ҳәрип ҳәм 1 ҳәриптен ибарат болыўын, сондай-ақ, айырым
ҳәриплердиң қолланылыў тәртибин анықластырыўды нәзерде тутатуғын өзгерислер
киргизилмекте (Әмелде 26 ҳәрип ҳәм 3 ҳәрип бирикпеси).
Сенаторлардың атап өтиўинше, нызам күшке киргенге шекем
латын графикасына тийкарланған өзбек әлипбесинде рәсмийлестирилген ҳүжжетлерде,
миллий валютада ҳәм баҳалы қағазларда усы нызамның редакциясы тийкарында
жетилистирилген ҳәриплердиң бурынғы формасы бар екенлиги олардың ҳәрекет етиўи
ҳәм айланысына тосқынлық етпейди.
Сондай-ақ, мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде әмелде
пайдаланылып атырған ҳүжжетлер, бланкалар, вивескалар, көрсеткишлер ҳәм басқа
да материаллық қуралларды бир ўақыттың өзинде алмастырыў талап етилмейди.
Сенаторлардың атап өтиўинше, нызам өзбек әлипбесин ҳәм латын
графикасына тийкарланған имла қағыйдаларын және де жетилистириўге, мәмлекетлик
тилди қолланыў ҳәм санластырыў имканиятларын және де кеңейтиўге хызмет етеди.
Мәжилис жуўмағында Комитеттиң усы Нызамды Сенаттың жалпы
мәжилисинде көрип шығыў ушын киргизиў ҳаққындағы қарары қабыл етилди.