Мәжилисте елимизде әмелге асырылып атырған реформалар нәтийжесинде усы
жылдың өткен дәўиринде Өзбекстанның бир қатар халықаралық рейтинг ҳәм
индекслердеги орны жақсыланғаны атап өтилди.
Атап айтқанда, «Fitch
Ratings» ҳәм «S&P» агентликлери
Өзбекстанның суверен кредит рейтингиндеги күтилмелерди "турақлы"дан
"унамлы"ға, сондай-ақ, «Moody's» агентлиги республикамыздың кредит рейтинг баҳасын «Ва3»"унамлы" күтилмесинен «Ва2» "турақлы" күтилмесине 1-позицияға
арттырды.
Экономикалық
еркинлик индексинде Өзбекстан 14 текшеге көтерилип, 184 мәмлекет арасында
86-орынды ийеледи. Республикамыз 60,3 балл менен биринши мәрте "үлкен
емес" («moderately free») мәмлекетлер қатарына кирди. Алдынғы жыллары ол
"тийкарынан еркин емес" мәмлекетлер қатарына киретуғын еди.
"Ҳаял-қызлар,
бизнес ҳәм нызам" индексинде Өзбекстан 43 текшеге көтерилип, 190 мәмлекет
арасында 48-орынды ийеледи. Өзбекстан әҳмийетли ҳуқықый реформаларды әмелге
асырған, гендер теңлик тараўында ең жоқары нәтийжелерге ерискен мәмлекетлер
қатарына киргизилген, ҳаял-қызлардың экономикалық белсендилигин қоллап-қуўатлаў
бойынша топ-5 мәмлекет (Орайлық Азияда биринши, Европада үшинши) қатарына
кирген.
Соның менен
бирге, әмелге асырылып атырған реформалардан келип шығып, жаңа тийкарғы
халықаралық рейтинглер менен ислесиў зәрүрлиги пайда болып атырғаны атап
өтилди.
Соның ишинде,
жасалма интеллект тараўын избе-из раўажландырыў, санлы технологияларды кеңнен
енгизиў, халықаралық усыныслар тийкарында елимиздиң бул бағдардағы орнын беккемлеў
үлкен әҳмийетке ийе болмақта. Усы мүнәсибет пенен «Oxford Insights» халықаралық
шөлкеминиң Ҳүкиметтиң жасалма интеллектке таярлық индексин жүргизиў
басланғанынан берли (2020-жылдан баслап) көрсеткишлер 33 текшеге жақсыланды
(2025-жылы 62-орын, 2020-жылы 95-орын) ҳәм Өзбекстан ҒМДАда ең жоқары нәтийжеге
ерискен мәмлекетке айланды.
Сондай-ақ,
қоршаған орталықты қорғаў нәтийжелилигин арттырыў, экологиялық турақлылықты
тәмийинлеў, экологиялық сиясатты халықаралық шөлкемлердиң усыныслары тийкарында
және де жетилистириў талап етиледи. Мәселен, АҚШтың Йел ҳәм Колумбия
университетлери тәрепинен өткерилип атырған Экологиялық нәтийжелилик индексинде
Өзбекстан 2026-жылы 177 мәмлекет арасында 121-орынды ийелеген (2024-жылы
107-орында еди).
Бул индекслерди
тийкарғы халықаралық рейтинглер қатарына киргизиў, системалы жумыс алып барыў
усыныс етилди.
Буннан тысқары,
мәжилисте мәмлекетимиздиң социаллық-экономикалық ҳәм сиясий-ҳуқықый
тараўлардағы тийкарғы халықаралық рейтинглердеги орнын жақсылаў бойынша
2026-жылға мөлшерленген илажлар режесиниң орынланыў жағдайы көрип шығылды.
Додалаў
жуўмақлары бойынша Өзбекстан ушын тийкарғы болған халықаралық рейтинг ҳәм
индекслерде мәмлекетимиздиң орнын және де жақсылаў бойынша қосымша илажлар
ислеп шығыў ўазыйпасы белгиленди ҳәм Республикалық кеңестиң тийисли қарары
қабыл етилди.