Фестивальдан гөзленген мақсет - миллий кестешиликтиң әўладтан-әўладқа
өтип киятырған көп әсирлик дәстүрлери менен кең жәмийетшиликти жақыннан
таныстырыў, шебер өнерментлердиң дөретиўшилигин ғалаба ен жайдырыў, халық
көркем өнериниң бул түрине қызығыўшылықты арттырыўдан ибарат.
Онда Өзбекстанның түрли аймақларынан, сондай-ақ, қоңсы мәмлекетлерден
өнермент кестеши қызлар қатнаспақта. Олар дөретиўшиликтиң сийрек ушырасатуғын
үлгилерин көрсетип, мийманларды миллий кестешиликтиң өзине тән өзгешеликлери
менен таныстырады.
Фестиваль
шеңберинде төмендегилер шөлкемлестирилди:
миллий кестешилик
үлгилери көргизбелери;
өнерментлердиң
дөретиўшилик жумысларының презентациялары;
кестешилик
бойынша шеберлик сабақлары;
миллий өнерментшиликке
бағышланған көргизбелер ҳәм презентациялар;
мәдений-кеўил
ашар илажлар;
Өзбекстан ҳәм
сырт ел усталары арасында ушырасыўлар, тәжирийбе алмасыў илажлары.
Фестиваль
дәстүрий кестешилик көркем өнерин қәстерлеп сақлаў ҳәм және де раўажландырыў,
сондай-ақ, Өзбекстан ҳәм басқа да мәмлекетлер өнерментлери арасындағы мәдений
байланысларды беккемлеўге хызмет етеди.