Онда Өзбекстан Саўда-санаат палатасы баслығының орынбасары
ўазыйпасын атқарыўшы С.Абдураҳмонов, Россия-Өзбекстан исбилерменлер кеңесиниң
атқарыўшы директоры Ф.Дегтярев, сондай-ақ, еки мәмлекеттиң тармақ бирлеспелери
басшылары ҳәм исбилермен топарларының ўәкиллери қатнасты.
Делегациялардың басшылары өзлериниң шығып сөйлеўлеринде
Өзбекстан ҳәм Россия арасындағы саўда-экономикалық бирге ислесиў избе-из
раўажланып атырғаны, исбилерменлик байланысларын және де кеңейтиў ушын үлкен
имканиятлар бар екенлигин атап өтти.
2025-жылдың жуўмағы бойынша еки мәмлекет арасындағы өз-ара
товар алмасыў дерлик 13 миллиард АҚШ долларын қурағаны атап өтилди. Сондай-ақ,
Өзбекстанда Россия капиталының қатнасыўындағы кәрханалардың саны 3 мыңнан асты.
Мәжилис даўамында кеңеслердиң жумысы, әмелге асырылып
атырған биргеликтеги жойбарлар, сондай-ақ, саўда-экономикалық бирге ислесиўдиң
перспективалы бағдарлары ҳәм келешектеги ўазыйпалар додаланды.
Сондай-ақ, экспортты қоллап-қуўатлаў, аймақлараралық бирге
ислесиўди раўажландырыў, санаат кооперациясын тереңлестириў ҳәм исбилерменлер
ушын қолайлы шараятлар жаратыў мәселелери көрип шығылды.
Илаж шеңберинде Россия Федерациясының Ленинград, Оренбург
ҳәм Ульяновск ўәлаятлары менен бирге ислесиў имканиятлары таныстырылды. Буннан
тысқары, электрон коммерция, санлы финанслық хызметлер, маркетплейслер арқалы
саўданы раўажландырыў, инновациялық ҳәм санлы шешимлерди енгизиў мәселелери
додаланды.
Мәжилис жуўмағында 2026-жылы биргеликтеги басламаларды
әмелге асырыў ҳәм бирге ислесиўди және де раўажландырыў илажлары белгилеп
алынды.