Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Атом энергиясы агентлиги ҳәм "Росатом" атом энергиясы бойынша мәмлекетлик корпорациясы тәрепинен атом тараўы ҳәм түрлес тармақларда узақ мүддетли бирге ислесиў бойынша "жол картасы" ҳәм Өзбекстан Республикасында интеграцияласқан атом электр станциясын қурыў бойынша Шәртнамаға байланыслы келисимге қол қойылды.

Ҳүжжетке "Өзатом" агентлиги директоры Азим Ахмедхаджаев ҳәм "Росатом" мәмлекетлик корпорациясы бас директоры Алексей Лихачев қол қойды.

"Жол картасы" өз-ара бирге ислесиўдиң әҳмийетли бағдарларын: АЭС қурылысы жойбарын әмелге асырыў басқышлары, жоқары маман кадрларды таярлаў, атом энергетикасының халыққа мақул болыўы, атомшылардың болажақ қаласының инфраструктурасын жаратыў ҳәм тараўды комплексли раўажландырыўды қамтып алған. "Жол картасы"на қол қойылыўы Өзбекстан ҳәм Россияның атом энергетикасы тараўындағы бирге ислесиўиниң комплексли екенлигин тастыйықлайды. Бул шериклик мәмлекетимиз экономикасы ҳәм социаллық турмысының түрли тараўларын раўажландырыўға хызмет етпекте.

Соның менен бирге, Жиззақ ўәлаяты Фориш районындағы АЭС қурылыс майданында РИТМ-200Н реакторлы киши қуўатлылықтағы атом станциясының энергия блогын қурыў шеңберинде биринши бетонлаў жумысларының мәресими басланды.

Мәресимди Өзбекстан Республикасында АЭС қурылысы дирекциясының директоры Абдижамил Қалмуратов ҳәм "Атомқурылысэкспорт" АЖ вице-президенти - Өзбекстанда АЭС қурыў жойбарының директоры ("Росатом" мәмлекетлик корпорациясының инжиниринг дивизионы) Павел Безруков салтанатлы түрде ашты.

Ҳәзирги ўақытта реактор имараты ушын бетон таярлаў қурылмасы орынланбақта. Бул басқышты 2026-жыл апрель айында жуўмақлаў режелестирилген. Жәми 900 м3 әтирапында бетон араласпасы салынады. Жумыслардың жуўмағы бойынша гидроизоляция ҳәм жерге тутастырыў менен реактор имаратының тырнағы ушын тийкар таярланады.

Сондай-ақ, станцияның жаңаланған конфигурациясын тастыйықлаўшы шәртнамаға қол қойылды:

3+ әўлад ВВЭР-1000 реакторлы еки энергия блогы;

РИТМ-200Н реакторлы еки енергоблок (ҳәр бири 55 МВт).

Станция толық қуўатлылыққа шыққаннан соң жылына дерлик 15,4 миллиард кВт/саат электр энергиясын ислеп шығарады, бул Өзбекстандағы улыўма электр энергиясының 15 проценттен асламын қурайды.

Бул жумыслар жойбарды исенимли әмелге асырыў ҳәм жақын ўақыт ишинде физикалық қурылыс - ғәрезсиз Өзбекстан тарийхындағы ең ири энергетика жойбарының жедел басқышына өтиўден дәрек береди.

Кең көлемли қурылыс жолындағы тийкарғы қәдем

"АЭС қурылысы дирекциясы" мәмлекетлик кәрханасының Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Санаат, радиация ҳәм ядро қәўипсизлиги комитетинен РИТМ-200Н реактор қурылмалары орнатылған АЭСтиң еки энергоблогын жайластырыў ушын майданнан пайдаланыўға рухсат алыўы Өзбекстан Республикасында атом электр станциясын қурыўға таярлық көриўдиң әҳмийетли басқышы болды.

Экспертиза атом электр станциясының еки энергоблогын реактор қурылмалары менен жайластырыўды қадаған ететуғын факторлар, атап айтқанда, жедел тектоникалық жарылыўлар, жоқары сейсмикалық зоналар ямаса интенсив карст пайда болатуғын аймақлар жоқ екенлигин тастыйықлады. Унамлы жуўмақ таңланған майдан ядролық ҳәм радиациялық қәўипсизлик талапларына, экологиялық нормалар ҳәм техникалық стандартларға толық жуўап беретуғынын көрсетеди. Бул ҳүжжет АЭС майданынан пайдаланыў ушын тийкарғы ҳәм ҳәр қандай АЭС турмыс циклиндеги ең әҳмийетли ўақыялардан бири болып есапланады. Ол пуқта жойбарластырыў, инженерлик таярлық ҳәм қурылыстың кейинги басқышлары бойынша жумысларды даўам еттириў, барлық басқышларда жойбардың максимал қәўипсизлигин тәмийинлеў имканиятын береди.

- Бүгин Өзбекстанның келешеги ушын әҳмийетли күн - биз заманагөй атом энергетикасын жаратыў бойынша миллий бағдарламаны әмелге асырыўда шешиўши қәдем қойдық. Жиззақ ўәлаятының Фориш районындағы қурылыс майданында РИТМ-200Н реакторлы киши қуўатлылықтағы энергоблок қурыў бойынша дәслепки бетон жумыслары салтанатлы түрде басланды.

Бул жойбар мәмлекеттиң энергетика ғәрезсизлиги ҳәм турақлы өсиўиниң тийкарғы бағдары сыпатында атом тараўын раўажландырыўға жеке өзи басшылық етип атырған Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Миромонович Мирзиёевтиң исенимли қоллап-қуўатлаўы менен әмелге асырылмақта. Биз басқышпа-басқыш, графикке ҳәм ең жоқары қәўипсизлик стандартларына қатаң әмел еткен ҳалда, бетон таярлықтан баслап реактор имаратын қурыў, үскенелерди монтажлаў ҳәм, ақыр-аяғында, энергия блокларын иске қосыўға шекем ҳәрекет етемиз", - деп атап өтти Азим Ахмедхаджаев журналистлерге берген пикиринде.

Өзбекстанда биринши атом электр станциясы жойбарын раўажландырыўдың тийкарғы басқышлары

2024-жыл 27-май күни Россия Президенти Владимир Путинниң Өзбекстанға мәмлекетлик сапары ўақтында мәмлекет басшылары жанында АЭС қурылысында бирге ислесиў ҳаққындағы ҳүкиметлераралық келисимге өзгерислер киргизиў ҳаққында протоколға қол қойылған еди. Сол күни "Өзатом" агентлиги жанындағы "АЭС қурылысы дирекциясы" мәмлекетлик кәрханасы ҳәм "Атомқурылысекспорт" АЖ ("Росатом" мәмлекетлик корпорациясының инжиниринг дивизиони) арасында Жиззақ ўәлаятында АЭС қурылысы бойынша шәртнама дүзилди.

2025-жыл 20-июнь күни Санкт-Петербург халықаралық экономикалық форумы шеңберинде "Өзатом" агентлиги ҳәм "Росатом" мәмлекетлик корпорациясы арасында 3+ әўлад ВВЭР-1000 реакторларына ийе үлкен қуўатлықтағы АЭС қурыў имканиятларын үйрениў бойынша келисимге қол қойылды. Бул реакторлар өзиниң исенимли ҳәм қәўипсиз екенлигин дәлиллеп үлгерди: Қытайдың "Тяньвань" АЭСиниң төрт блогы бир неше мәрте дүньядағы ең қәўипсиз блоклар сыпатында тән алынды, Ҳиндстандағы "Куданкулам" АЭСиниң дәслепки еки блогы болса жоқары нәтийжелилик пенен 100 миллиард кВт/сааттан аслам электр энергиясын ислеп шығарды.

Жойбар өзине тән комбинацияланған конфигурацияға ийе болды: ВВЭР-1000 тийкарындағы еки үлкен қуўатлылықтағы энергоблок (базалық жүклемени тәмийинлеў ушын) ҳәм РИТМ-200Н реакторлы еки энергоблок (ҳәр бири 55 МВттан - ең жоқары жүклемени ийкемли қаплаў ушын). Станцияның улыўма инфраструктурасы оны қурыў ҳәм эксплуатациялаў қәрежетлерин оптималластырыў имканиятын береди. АЭС толық қуўатлылыққа шыққаннан соң, Өзбекстанның электр энергиясына болған талабының 15 проценттен асламын - есап-санақ етилген хызмет мүддети 60 жыл болған жағдайда жылына 16-17 миллиард кВт/саатқа шамаласын тәмийинлейди.

2025-жыл 13-май күни "Росатом" компаниясының машина қурылысы бөлиминде тийкарғы үскенелерди таярлаў басланды: 205 тонна аўырлықтағы арнаўлы легирленген полаттың биринши қуймасы - РИТМ-200Н реакторы корпусы ушын тийкар қуйылды.

Жойбар энергетика ғәрезсизлиги, турақлы экономикалық өсиў ҳәм халықтың турмыс сапасын арттырыўдың стратегиялық бағдары сыпатында атом энергетикасын раўажландырыўға басшылық етип атырған Президент Шавкат Мирзиёевтиң жеке қоллап-қуўатлаўы менен әмелге асырылмақта. "Өзатом" агентлиги барлық басқышларды муўапықластырып, миллий кадрлар таярлаў, жәмийетлик ашық-айдынлық ҳәм ең жоқары қәўипсизлик стандартларына әмел етиўге тийкарғы әҳмийет қаратады. Өзбекстан Россия менен биргеликте алдынғы ядро технологияларын исенимли өзлестирип, келешек әўладлардың технологиялық суверенитети ҳәм абаданлығы ушын тийкар жаратпақта.