Қарарға бола, 2027-жыл 31-декабрьге шекем Өзбекстан Республикасына жүк тасыў ушын мөлшерленген, ислеп шығарылғанына 5 жылдан аспаған төмендеги транспорт қуралларын импорт етиўде бажыхана бажы ҳәм утилизация жыйымынан нольлик ставкалар қолланылады (самосваллардан тысқары):

"Евро-5" ҳәм оннан жоқары экологиялық класқа тийисли автотранспорт қураллары (СЭХ ТН (Сыртқы экономикалық хызмет товар номенклатурасы) кодлары 8701 21, 8701 22, 8701 23, 8701 24).

толық массасы 15 тоннадан артық ямаса кузовының ишки көлеми 76 куб метрден кем болмаған ярым тиркемелер (СЭХ ТН коды 8716 39).

Автотранспорт қураллары бажыхана рәсмийлестирилген күннен баслап үш жыл даўамында экспортқа сатылғанда ҳәм (ямаса) оларды қайта үскенелеў СЭХ ТН кодының өзгериўине алып келген жағдайда (жанылғы түрин өзгертиў менен байланыслы қайта үскенелеў жағдайлары буған кирмейди) қарарда нәзерде тутылған жеңилликлер бийкар етиледи ҳәм тийисли төлемлер белгиленген тәртипте өндириледи.

Сондай-ақ, қарар менен Европа стандартларына жуўап беретуғын бул жүк автотранспорт қуралларын импорт етиўде мәжбүрий сертификатлаўдан ўақтынша азат етиў бойынша тийисли қарар қабыл етиў белгиленген.