Онда парламент ағзалары, министрликлер ҳәм уйымлардың басшылары, БМШтың
Өзбекстан Республикасындағы ўәкилханасының ўәкили, Парламентлераралық аўқам
секретариатының басшылары, сондай-ақ, мәмлекетлик емес коммерциялық емес
шөлкемлердиң, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ҳәм исбилерменлер қатнасты.
Илажды Олий Мажлис Сенатының Баслығы, Турақлы раўажланыў тараўындағы
миллий мақсет ҳәм ўазыйпалардың 2030-жылға шекемги дәўирде әмелге асырылыўын
қадағалаў бойынша Парламент комиссиясының жәрдемши баслығы Танзила Норбоева
ашты.
Атап
өтилгениндей, Турақлы раўажланыў мақсетлери айлығы даўамында республика бойынша
жүзлеген илажлар шөлкемлестириледи. Атап айтқанда, парламентлик тыңлаўлар,
жергиликли Кеңеслердиң сессиялары, илимий-әмелий конференциялар, форумлар,
дөгерек сәўбетлери, ашық пикирлесиўлер, мәҳәлле кесиминде ушырасыўлар,
үгит-нәсиятлаў илажлары, ғалаба хабар қураллары ҳәм социаллық тармақларда
арнаўлы медиа жойбарлар өткериледи.
ТРМ айлығын
өткериўден мақсет - халықтың ТРМ идеяларына байланыслылық сезимин беккемлеў,
мәмлекетте әмелге асырылып атырған реформалардың нәтийжелилигин кеңнен көрсетиў
ҳәм улыўма мақсетлер жолында ҳәрекетлерди бирлестириўден ибарат.
Конференцияда
шығып сөйлегенлер, сырт елли ҳәм миллий экспертлер атап өткениндей,
мәмлекетимиз 16 миллий Турақлы раўажланыў мақсетлери ҳәм 126 ўазыйпаны қабыл
етип, оларды "Өзбекстан - 2030" стратегиясының тийкарғы бағдарларына
толық муўапықластырды.
Бул стратегиялық
көзқарас тийкарында әмелге асырылған избе-из реформалар нәтийжесинде Турақлы
раўажланыў мақсетлериниң 70 проценттен асламы бойынша сезилерли унамлы
нәтийжелерге ерисилген, 45 процентинде белгиленген көрсеткишлер толық
орынланған.
Атап айтқанда,
кәмбағаллық дәрежеси 2021-жылдағы 17 проценттен 2025-жылдың ақырына барып 5,8
процентке азайды.
Мектепке шекемги
билимлендириўге қамтып алыў 27,7 проценттен 78 процентке, жоқары
билимлендириўге қамтып алыў 8,3 проценттен 47,7 процентке артты.
Ҳаял-қызлардың
мәмлекетлик басқарыўдағы үлеси 27 проценттен 35 процентке, Нызамшылық
палатасында 38 процентке, жергиликли Кеңеслерде 32,5 процентке артты.
Системалы ҳәм
исенимли реформалар нәтийжесинде 2026-жылы Өзбекстан Турақлы раўажланыў
мақсетлери индексинде 167 мәмлекет арасында 65-орынды ийеледи.
Бул нәтийжелердиң
барлығы Жаңа Өзбекстанда әмелге асырылып атырған реформалар инсан мәплерин
тәмийинлеў, турақлы раўажланыўды кепиллеўге хызмет етип атырғанының айқын
дәлили болып есапланады.