Сенаттың 18-жалпы мәжилисинде "Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында"ғы нызам додаланды.

"Лицензиялаў, руқсат бериў ҳәм хабардар етиў тәртип-қағыйдалары ҳаққында"ғы нызамда "Бизнести лицензиясыз жүргизиў" арнаўлы режими жаңа ҳуқықый институт сыпатында беккемленбекте. Бул институттың нызамшылыққа киргизилиўи айырым жумыс түрлери менен лицензия ямаса рухсатнамасыз үш айға шекем шуғылланыў имканиятын жаратады.

Нәтийжеде исбилерменлик субъектлери лицензия ямаса рухсатнама алмаған ҳалда ўәкилликли уйымды хабардар етиў арқалы жумысын электрон тәризде баслаў имканиятына ийе болады. Онда оларға өз жумысын лицензиялаў ямаса руқсат бериў талапларына муўапықластырыў ушын қосымша ўақыт, сондай-ақ, жумысты тест режиминде баслаў ҳәм оның экономикалық нәтийжелилигин баҳалаў имканияты бериледи. Бул өзгерис бизнес ашыўды аңсатластырады, ўақыт ҳәм қаржыны үнемлейди, жаңа исбилерменлик басламаларын алға қояды.

Сондай-ақ, нызам менен Шаңарақ кодексиниң 69-статьясына балаға әкесиниң атын фамилия сыпатында бериў мүмкиншилигин нәзерде тутатуғын өзгерислер киргизилмекте.

Ҳәзирги ўақытта баланың фамилиясы ата-анасының фамилиясы бойынша белгиленеди. Соның менен бирге, миллий дәстүрлерге муўапық, ата аты балаға әкесиниң ямаса анасының қарары менен фамилия сыпатында берилиўи мүмкин.

Сенаторлардың атап өтиўинше, балаға әкесиниң атын фамилия сыпатында бериў имканиятының нызамшылық жақтан беккемлеп қойылыўы пуқараларға қосымша қолайлық жаратып, миллий ҳәм диний дәстүрлерди есапқа алған ҳалда олардың тилеклерин әмелге асырыўға хызмет етеди.

Буннан тысқары, нызам менен "Архив иси ҳаққында"ғы нызамға архив иси тараўындағы ўәкилликли мәмлекетлик уйымлардың ўәкилликлерин анықластырыў, мәмлекетлик емес архивлер ҳәм электрон архивлерди шөлкемлестириў қағыйдаларын, сондай-ақ, уйымлық архивлерде архив ҳүжжетлерин ўақтынша сақлаў мүддетлерин белгилеў бойынша өзгерислер киргизилмекте.

Қызғын додалаўлардан соң нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.