Реже турақлы токенлердиң айланысын тәртипке салыў, арнаўлы режим қатнасыўшыларын дизимге алыў, олардың жумысын мониторинг етиў, арнаўлы режим қатнасыўшысы статусынан айырыў, сондай-ақ, арнаўлы режим қатнасыўшыларының реестрин жүргизиў бойынша арнаўлы режим бериў тәртибин белгилейди.
Мақсетлер:
- бөлистирилген реестр технологиясы тийкарында төлем системаларын ислеп шығыў ҳәм (ямаса) турақлы токенлерди шығарыў, олар менен операцияларды әмелге асырыў, сондай-ақ, олардан төлем қуралы сыпатында пайдаланыў ушын қолайлы шараятлар жаратыў;
- инвестицияларды тартыў ҳәм базарда бәсекини раўажландырыў;
- Инновациялық төлем шешимлерин енгизиўге жәрдемлесиў;
- тутыныўшылар ҳәм инвесторлардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў;
- сынаў жойбарларының нәтийжелери тийкарында нызамшылықты жетилистириў.
Арнаўлы режим шеңберинде төмендеги сынаў жойбарлары әмелге асырылыўы мүмкин:
- миллий ҳәм (ямаса) шет ел валютасы менен тәмийинленген турақлы токенлерди шығарыў;
- Өзбекстан Республикасы аймағында турақлы токенлерден төлем қуралы сыпатында пайдаланыў;
- халықаралық өткермелерди (есап-санақларды) әмелге асырыў ушын турақлы токенлерден пайдаланыў;
- бөлистирилген реестр технологиясы тийкарында төлем системаларын жаратыў.
Онда, арнаўлы режим шеңберинде төмендегилерди нәзерде тутатуғын жойбарларды әмелге асырыў қадаған етиледи:
- алгоритмлик турақлы токенлер;
- анонимлик функциясына ийе турақлы токенлер;
- криптоактивлер менен тәмийинленген турақлы токенлер.
Турақлы токенлерди шығарыўға тек ғана оларды миллий ҳәм (ямаса) сырт ел валютасындағы пул қаржылары менен толық тәмийинленген жағдайда жол қойылады. Бунда көрсетилген қаржылар Орайлық банктеги айрықша есап бетинде резервлениўи керек.
Сондай-ақ, мәлимлеме ҳәм киберқәўипсизлик тараўында да қатаң талаплар орнатылды.
Тәжирийбе-сынақ жойбарларын әмелге асырыў мүддети дәслеп 12 ай етип белгиленбекте ҳәм зәрүр жағдайларда создырылыўы мүмкин. Онда улыўма мүддет 3 жылдан аспаўы керек.
Арнаўлы режим қатнасыўшылары ҳаққындағы мағлыўматлар реестрге киргизиледи ҳәм Ўәкилликли уйымның рәсмий веб-сайтына жайластырылады.
Ҳүжжет Нызамшылық мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 16.04.2026-жылдан күшке кирди, деп жазады «Norma».