Инфляцияның төменлеўи даўам етип атырғаны ҳәм экономиканың және де тең салмақлы динамикасының айырым белгилери пайда болып атырғанына қарамастан, айырым проинфляциялық қәўип-қәтерлердиң сақланып қалып атырғаны ҳәзирги қатаң пул-кредит шараятларын сақлап қалыўды талап етпекте.

Инфляция ҳәм инфляциялық күтилмелер.

Август айында улыўма жыллық инфляция пәсейиў тенденциясын даўам еттирип, 6,2 процентке шекем төменледи. Базалық инфляция дерлик 5,5 процент дәрежесинде қәлиплести.

Соның менен бирге, баҳалары жылына 5 проценттен жоқары пәтлерде өсип атырған товарлар ҳәм хызметлер үлесиниң артып атырғаны экономикада баҳалар басымы еле де турақлылығын көрсетпекте.

Халықтың ҳәм исбилерменлик субъектлериниң инфляциялық күтилмелери де төменлеўди даўам еттирди. Соның менен бирге, инфляциялық күтилмелер улыўма инфляцияға салыстырғанда әстерек төменлемекте, бул болса баҳаларды қәлиплестириў процесслеринде инфляциялық инерцияның белгили бир тәсири сақланып қалып атырғанлығын көрсетеди.

Ишки талап ҳәм экономикалық белсендилик.

Усақлап сатыў, хызмет көрсетиў ҳәм инвестициялар динамикасындағы унамлы тенденциялар жедел тутыныўшылық ҳәм инвестициялық талапты көрсетпекте. Соның менен бирге, соңғы айларда жалпы талаптың айырым қурам бөлеклеринде турақлылық белгилери көзге таслана баслады.

Атап айтқанда, ҳәзирги пул-кредит шараятларының тәсиринде экономикаға кредит бериўдиң өсиў пәтлери әсте-ақырын нормалласпақта. Соның менен бирге, реал процент ставкаларының унамлы болыўы халықтың үнемлеўге болған бейимлигин қоллап-қуўатлайды.

Сыртқы проинфляциялық қәўиплер

Дүнья базарларында шийки зат, азық-аўқат ҳәм энергия ресурслары баҳаларының жоқары дәрежеде екени импорт баҳалары, транспорт ҳәм логистика қәрежетлери арқалы ишки инфляцияға орта мүддетли перспективадағы басымның сақланып қалыўына себеп болмақта.

Сыртқы баҳа шокларының ишки инфляцияға екилемши тәсир көлеми көп жағынан ишки талаптың динамикасы ҳәм көрилип атырған структуралық илажларға байланыслы болады.

Сумның реал эффектив алмасыў курсын беккемлеў;

жыл даўамында айырым тийкарғы саўда бирге ислесиўшилердиң валюталары ҳәлсиреўи фонында импорт баҳалары арқалы инфляция басымын жумсартыўға жәрдем бермекте.

Ишки проинфляциялық рисклер

Тәртипке салынатуғын баҳаларды еркинлестириў процесиниң даўам етиўи өндирис қәрежетлери ҳәм хызметлер баҳасы арқалы екилемши инфляциялық тәсирлерди күшейтиўи мүмкин.

Атап өтилген қәўип-қәтерлердиң турақлы инфляциялық процесслерге өтиўин шеклеў, олардың мүмкин болған екилемши тәсирлерин жумсартыў ҳәм инфляциялық күтилмелердиң турақлы төменлеўин тәмийинлеў ушын ҳәзирги қатаң пул-кредит шараятларының сақланып қалыныўы зәрүр деп баҳаланбақта.

Орайлық банк инфляция ҳәм инфляциялық күтиўлер динамикасын, ишки талап факторлары ҳәм сыртқы экономикалық шараятлардың өзгериўин айрықша қадағалап барады ҳәм 2027-жылдың ақырына шекем инфляцияны мақсетли 5 процентлик дәрежеге түсириў ушын зәрүр болған пул-кредит шараятларын тәмийинлеўди даўам еттиреди.

Орайлық банк Басқармасының тийкарғы ставканы көрип шығыў бойынша гезектеги мәжилиси 2026-жыл 28-октябрь күнине режелестирилген.