Илажда Кеңестиң жәрдемши баслықлары - Өзбекстан Президенти Администрациясының басшысы Саида Мирзиёева ҳәм АҚШ Президентиниң Қубла ҳәм Орайлық Азия бойынша арнаўлы елшиси Сержио Гор қатнасты.
Кеңес биргеликтеги исбилерменлик басламаларын әмелге асырыў ушын беккем институционаллық тийкар жаратыўға қаратылған. Ушырасыў жуўмағында бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарларын белгилеп беретуғын өз-ара түсинисиў меморандумына қол қойылды.
Кеңестиң шөлкемлестирилиўи Өзбекстан ҳәм АҚШ Президентлери арасындағы жоқары дәрежедеги исеним себепли жүзеге келди. Кеңестиң жәрдемши баслығы, елши Сержио Гордың атап өткениндей, соңғы бир жылда Қурама Штатлар Орайлық Азияда стратегиялық шерикликти беккемлеў бағдарындағы нийетлериниң исенимли екенин көрсетти.