Президент Шавкат Мирзиёев «Янги хаёт» массивиниң 192 гектар майданында қурылған экотуризм комплексин барып көрди.

Жойбар мәмлекетимиз басшысының тапсырмасы тийкарында Агросанаат комплекси агентлигиниң басламасы менен әмелге асырылды. Тәбият ҳәм заманагөй қолайлықлар өз-ара үнлес болған бул жер қысқа ўақыт ишинде жергиликли халық ҳәм туристлер арасында кеңнен танылды.

Комплекс бийик төбешикте жайласқан болып, бул жерден районның сулыў көриниси ашылады.

Бул жерде капсула түриндеги 4 заманагөй дем алыў үйи ҳәм миллий усылдағы 5 қара үй орнатылған. 30 гектар майданда саяманлы ҳәм ийне жапырақлы тереклер егилген. Сондай-ақ, шаңарақлық ресторан ҳәм ҳәр қыйлы аттракционлар шөлкемлестирилип, заманагөй түнги жақтыландырыў системасы орнатылған.

Комплексте тәбийғый орталықты сақлаў ҳәм ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыўға айрықша итибар қаратылған. Аймақта сыйымлылығы 14 мың куб метр болған мембрана суў бассейни қурылған. Терек ҳәм өсимликлерди суўғарыў толық тамшылатып суўғарыў системасы есабынан әмелге асырылады.

Жойбардың улыўма баҳасы 51,8 миллиард сумды қурайды. Оның нәтийжесинде жергиликли халық ушын 275 турақлы ҳәм 200 мәўсимлик жумыс орны жаратылды. Буннан тысқары, бағда жетистирилген жүзимди экспорт етиў режелестирилген.

Прогнозларға бола, комплекс толық иске қосылғаннан соң, жылына 80 миллиард сумлық хызметлер көрсетилип, жергиликли бюджетке 3 миллиард сум түсим тәмийинленеди.

Усы жылдың ақырына шекем толық иске қосылатуғын "Жүзим бағы" комплекси Әндижан ўәлаятының дыққатқа ылайық туристлик орынларынан бирине айланыўы күтилмекте.

Мәмлекетимиз басшысы ўәлаят белсендилери, мийнет ветеранлары менен қызғын сәўбетлести. Әндижанда әмелге асырылып атырған кең көлемли өзгерислер, халықтың абаданлығын арттырыў, мәҳәллелерди абат етиў, жаслардың потенциалын жүзеге шығарыў бойынша жаңа имканиятлар ҳаққында сөз болды.

Илаж даўамында мәдений бағдарлама ҳәм дронлар көргизбеси қойып берилди.