Бул баслама жоллар ҳәм оларға тутас аймақларды таза сақлаў, қоршаған орталыққа жуўапкершилик пенен қараў мәдениятын қәлиплестириўге қаратылған.

Саяхатқа шығып атырған пуқараларға пластикалық ыдыслар ҳәм басқа да шығындыларды автомашинада сақлаў усыныс етиледи. Қәўипсиз жерде тоқтағаннан соң, оны арнаўлы орнатылған қутыға таслаў мүмкин.

Соның менен бирге, айдаўшылар ҳәм жолаўшыларға ҳәрекетленип баратырған автомобильден шығындыларды тасламаў, жолдағы қәўипсизлик тийкарғы әҳмийетли ўазыйпа болып қалыўы керек екенлиги ескертиледи.

Сондай-ақ, Аўыл хожалығы министрлиги фермерлер ҳәм жергиликли ҳәкимликлер менен биргеликте бундай қутыларды жолаўшылар қәўипсиз пайдаланыўы мүмкин болған орынларға орнатыўды шөлкемлестириў ҳәм оларды турақлы түрде босатып барыўды тәмийинлеўге шақырады.

Аўыл хожалығы атызлары шығындыларды жайластырыў ушын емес, ал азық-аўқат жетистириў ушын мөлшерленген. Экологиялық орталықтың тазалығын сақлаў ҳәммемиздиң миннетимиз.