Әмелге асырылып атырған изертлеўлердиң тийкарғы мақсети қурғақшылық, суў
жетиспеўшилиги ҳәм климат өзгериўи менен байланыслы басқа да унамсыз
факторларға шыдамлы, зүрәәтли сортларды жаратыўдан ибарат.
Бүгинги күнде филиалдың тәжирийбе майданларында перспективалы
генотиплерден пайдаланған ҳалда селекция жумыслары алып барылмақта. Атап
айтқанда, қәнигелер өсимликлерди 10 комбинация бойынша шағылыстырып, хожалық
ушын қолайлы жаңа гибрид формалар алмақта.
Селекцияны өткериўде өнимдарлық, дәнниң сапасы, вегетация дәўириниң
даўамлылығы, суў жетиспеўшилиги, қурғақшылық ҳәм басқа да қолайсыз агроэкологиялық
шараятларға шыдамлылығына айрықша итибар қаратылады.
Алынған гибрид
әўладлар селекция процесиниң түрли басқышларында избе-из үйрениледи. Қәнигелер
олардың өсиўи ҳәм раўажланыўы, зүрәәтлилиги, дәниниң сапасы, стресс факторлар
тәсиринде өсимликлердиң өнимдарлығын сақлап қалыў қәбилетин баҳалайды.
Әмелге асырылып
атырған жумыслар Хорезм ўәлаяты шараятында нәтийжели жетистирилетуғын, климат
өзгериўи ҳәм суў ресурсларының жетиспеўшилиги ақыбетлерине шыдамлы жаңа салы
сортларын жаратыўға қаратылған.