"Өзгидромет"тиң мәлим етиўинше, бүгин күндиз республикамыз
бойынша 34-37 дәреже ыссы, 8-9-август күнлери 37-40 дәрежеге шекем, арқа, қубла
ҳәм шөл аймақларында айырым жерлерде 41-42 дәрежеге шекем көтериледи.
Бул күнлери ҳаўа бираз бултлы болады, айырым жерлерде өзгерип турады,
жаўын-шашын болмайды. Тек ғана таўлы аймақларда айырым жерлерде қысқа мүддетли
жаўын-шашын болыўы мүмкин.
Ташкент ўәлаяты ҳәм Ферғана ойпаты ўәлаятларының таў алды ҳәм таўлы
аймақларында сел-суў өтиўи мүмкин.
Республикамыздың арқа ҳәм шөл аймақларында 8-9-август күнлери самалдың
тезлиги 13-18 м/с қа шекем күшейиўи, айырым жерлерде шаң-тозаң менен жаўыўы
мүмкин.
Ташкентте: жаўын-шашын болмайды. Ҳаўаның температурасы бүгин күндиз 36
градус әтирапында, дем алыс күнлери 37-39 градусқа шекем көтериледи. Ҳаўаның
температурасы түнде 21-24 градус әтирапында болады.