Бәринен бурын, шын жүректен қабыллағаны ҳәм ушырасыўымызды жоқары дәрежеде шөлкемлестиргени ушын Түркменстан Президенти, ҳүрметли Сердар Гурбангулиевич Бердимуҳамедовқа билдирилген миннетдаршылық сөзлерине қосыламан.

Бизлер және Каспий жағасында, Авазада жыйналдық.

Бүгинги ушырасыўымыз айрықша әҳмийетке ийе болып, биринши мәрте туўысқан Әзербайжан менен биргеликте өткерилмекте.

Түркменстанның басшылығын айрықша атап өтпекшимен. Биз жыл даўамында регионаллық бирге ислесиў бағдарында сезилерли жетискенликлерге ҳәм көплеген әҳмийетли мәселелер бойынша анық келисимлерге еристик.

Көп жыллардан берли мәмлекетлеримиз арасындағы дослық ҳәм жақсы қоңсышылықты беккемлеўге үлкен жеке үлес қосып киятырған түркмен халқының Миллий жетекшиси, ҳүрметли Гурбангули Мяликгулиевич Бердимуҳамедовқа айрықша миннетдаршылық билдиремен.

Ҳүрметли делегациялар басшылары!

Кейинги жылларда Орайлық Азияда үлкен өзгерислер болды. Мәмлекетлеримиз арасындағы қатнасықлардың орталығы өзгерди. Биз тез-тез ушырасып, мәселелерди ашық додалап, шешимлер таўып, бир-биримизди қоллап-қуўатлай басладық.

Бунда бизиң Мәсләҳәт ушырасыўларымыз үлкен роль ойнады. Бул форматты жаратып, биз әпиўайы түсиниктен келип шыққан едик: Орайлық Азияның абаданлығы ҳәм қәўипсизлиги тиккелей мәмлекетлеримиз арасындағы исенимге байланыслы.

XXI әсирде Орайлық Азияны раўажландырыў мақсетинде Дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм бирге ислесиў ҳаққындағы шәртнаманы дүзиў процесслериниң жуўмақланыўы тарийхый ўақыя болды.

Бунда биз үлкен ҳәм қурамалы структураларды дүзиўге умтылмаймыз. Бизге күшли, суверен ҳәм ғәрезсиз мәмлекетлер өз-ара ҳүрмет, исеним ҳәм саламат прагматизм тийкарында бирге ислесетуғын бейимлесиўшең ҳәм түсиникли формат керек.

Әне, усындай қатнасық әлле қашан өз нәтийжесин берди. Регионымыз халықаралық майданда бир қанша исенимли ҳәм сезилерли тәризде көрсетилмекте. “Орайлық Азия плюс” форматларына болған қызығыўшылық барған сайын артып атырғаны, сондай-ақ, сыртқы шериклеримиздиң шеңбери турақлы кеңейип атырғаны да буны тастыйықлайды.

Ҳүрметли кәсиплеслер!

Бизиң жақынласыўымыз қыйын бир дәўирде жүз бермекте. Дүнья тез өзгермекте, кескинлик артпақта, саўда ҳәм транспорт байланыслары қайта қурылмақта, жаңа қәўип-қәтерлер пайда болмақта. Бундай жағдайда ҳәрекетлеримизди және де тығыз муўапықластырыў әҳмийетли болып есапланады.

Биз келешектеги биргеликтеги жумысымыз ушын әҳмийетли, деп есаплайтуғын бир неше бағдарға тоқтап өтпекшимен.

Биринши. Орайлық Азия ҳәм қоңсылас регионлар арасындағы бирге ислесиўдиң гезектеги басқышын белгилеп алыўымыз керек.

Әмелде биз тарийхый, экономикалық ҳәм транспорт байланысларына ийе болған бирден-бир бирге ислесиў мәканын қәлиплестириўимиз мүмкин. Бүгин оларды және де беккемлеў ҳәм анық мазмун менен байытыў имканияты пайда болмақта. Бул жерде сөз мәмлекетлеримиз биргеликте саўда, транспорт, энергетика, санаат ҳәм жаңа технологияларды раўажландырыўы мүмкин болған үлкен мәкан ҳаққында бармақта.

Бул мәселелерди биз келеси жылы Ташкентте өткерилетуғын “Тынышлық ҳәм турақлы өз-ара байланыслылық жолындағы регионлараралық сөйлесиў: Орайлық Азия көзқарасы” деп аталған халықаралық коньференцияда толық додалаўды усыныс етемиз.

Екинши. Регионаллық қарым-қатнасымыз қурылатуғын тийкарды беккемлеўимиз керек.

Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының Мәсләҳәт ушырасыўларының жумысын тәртипке салатуғын нормативлик-ҳуқықый базаны жетилистириў бойынша жумысларды даўам еттириўди усыныс етемиз.

Бунда тек ғана ҳүжжетлер саны өз-өзинен ҳеш нәрсени шешпейди. Ең әҳмийетлиси, қабыл етилген қарарлар орынланыўы ҳәм нәтийже бериўи керек.

Үшинши. Экономикалық бирге ислесиў жаңа дәрежеге көтерилиўи керек.

Биз өз-ара саўда ҳәм инвестициялар көлеминиң өсиўи бойынша өз алдымызға үлкен мақсетлер қойғанбыз. Енди бул өсиў нениң есабынан тәмийинлениўин белгилеп алыў зәрүр.

Сөз, биринши гезекте, ири жойбарларды тезирек иске қосыў имканиятын беретуғын биргеликтеги санаат ҳәм технологиялық шынжырлар, улыўма санлы хызметлер ҳәм инвестиция механизмлери ҳаққында бармақта. Онда Саўда-экономикалық бирге ислесиў бойынша 2035-жылға шекем мөлшерленген кең көлемли регионаллық бағдарлама әҳмийетли орын ийелейди. Бул ҳүжжет регионның тийкарғы абзаллығы – улыўма географиямыздан пайдаланыўда жәрдем беретуғын әмелий қуралға айланыўы керек.

Бул ушын саўда жолындағы тосқынлықларды избе-из сапластырыў, санаат кооперациясын кеңейтиў ҳәм биргеликтеги жойбарларды көбирек иске қосыў зәрүр.

Биз бир-биримиз бенен әдеттеги саўда-сатық етиўдиң енди жеткиликли болмайтуғын дәўирине жетип келдик. Биргеликте соңғы өнимди жаратыў керек.

“Алты экономика – бир өним” формуласы биз қандай шеклерге умтылыўымыз керек екенлигин жақсы сәўлелендиреди.

Бир неше мәмлекеттиӊ кәрханалары бирден-бир өндирислик шынжырда қатнасқанда, өнимлер биргеликте жаратылғанда мәмлекетлеримиздиң экономикасы арасында пүткиллей басқаша – әдеттеги товар алмасыўға қарағанда бир қанша беккем байланыслар пайда болады.

Бул бағдардағы жумысларды раўажландырыў ушын 2027-жылы әййемги Хийўа қаласында Орайлық Азия ҳәм Әзербайжан бизнес форумын өткериўди усыныс етемиз.

Ҳәзирги ўақытта биргеликтеги инвестициялық жойбарларды финанслық-техникалық жақтан қоллап-қуўатлаў бойынша арнаўлы платформаны жаратыўды әҳмийетли, деп есаплайман. Ири идеялар көбинесе тек инвестицияларды емес, ал қатаң таярлық, экспертиза, түсиникли финанслық қуралларды ҳәм қоллап-қуўатлаўды да талап етеди.

Саўда ҳәм инвестициялар министрлери кеңесине Ашхабадта өткерилетуғын гезектеги мәжилисте бул мәселени ҳәр тәреплеме көрип шығыўды тапсырыўды усыныс етемен.

Төртинши. Мәмлекетлеримизди заманагөй транспорт ҳәм логистика тармағы менен байланыстырыўымыз зәрүр.

Регионымыз глобаллық саўданың қурғақлықтағы ең әҳмийетли бағдарларынан бирине ҳәм соның менен бирге экономикалық жеделликтиң ири орайына айланыўы мүмкин. Бирақ, бул ушын тек жол ҳәм темир жоллар қурыўдың өзи жетерли емес.

Транспорт инфраструктурасын раўажландырыў бойынша улыўма логика зәрүр. Бағдарлар бир-бирин даўам еттириўи ҳәм бирден-бир система сыпатында ислеўи ушын ири жойбарларды өз-ара муўапықластырыў зәрүр.

Жаңа транспорт коридорлары бойында өндирис, логистика ҳәм хызмет көрсетиў объектлери, санаат зоналары пайда болыўы керек. Әне сонда транспорт жөнелислери өз әтирапында экономикалық система жаратады ҳәм бул жоллар өткен ҳәр бир мәмлекетке әдеўир үлкен нәтийже келтиреди.

Бундай муўапықластырыў ушын Инфраструктуралық раўажланыў бойынша кеңести дүзиўди тезлестириўди усыныс етемиз. Кеңестиң биринши мәжилисин Өзбекстанда өткериўге таярмыз.

Энергетика улыўма күн тәртибимизде айрықша орын ийелейди.

Регионымыз ҳәр қыйлы ресурсларға ийе. Углеводородлардың үлкен резервлери ҳәм гидроэнергетика, қуяш ҳәм самал энергиясы бойынша үлкен потенциал бар. Мине, усы ҳәр қыйлылық мәмлекетлеримизге бир-бирин толықтырыў имканиятын береди. Буннан ақылға уғрас пайдаланып, регионда энергетиканы раўажландырыўға комплексли қатнас жасаў зәрүр.

Бул бағдарда “жасыл” энергетика барған сайын үлкен роль атқармақта.

Аз углеродлы энергетика потенциалы бойынша биргеликтеги концепцияны таярлаўды усыныс етемиз. Ол жаңа өндирислик қуўатлықларды қурыў, энергияны сақлаўдың заманагөй системаларын раўажландырыў ҳәм жаңа энергетика коридорларын жаратыўды жақсырақ муўапықластырыў имканиятын береди.

Суў ҳәм климат мәселелери биргеликтеги шешимлерди талап ететуғын және бир бағдар болып есапланады.

Суў ресурсларының жетиспеўшилиги Орайлық Азияның раўажланыўы ушын барған сайын үлкен тосқынлыққа айланбақта. Климат өзгермекте, халықтыӊ саны өспекте, аўыл хожалығы ҳәм инфраструктураға түсип атырған басым артпақта.

Сонлықтан, бизде қанша суўдыӊ бар екенин ҳәм оннан қалай пайдаланылып атырғанын анығырақ түсинип алыўымыз зәрүр. Заманагөй санлы мониторинг системалары, ирригация тармақларын модернизациялаў ҳәм суўды үнемлейтуғын технологияларды кеңнен енгизиў керек.

Бүгинги күнде үлкен суў шығынлары регионымыз ушын оғада қымбатқа түспекте. Әне, сол себепли Орайлық Азияда суўдан ақылға уғрас пайдаланыў бойынша әмелий ҳәрекетлердиӊ он жыллығы ҳаққындағы улыўма басламамызды толық әмелге асырыў әҳмийетли.

Келеси жылдан баслап, Өзбекстан Аралды қутқарыў халықаралық қорында басшылықты қабыл етип алады. Биз бул миссияға үлкен жуўапкершилик сыпатында қараймыз.

Басшылығымыз дәўиринен Қор жумысын және де нәтийжели шөлкемлестириў, жаңа экологиялық жойбарларды иске қосыў ҳәм қосымша қаржыларды тартыў ушын пайдаланыў нийетиндемиз.

Суў ресурсларынан пайдаланыў мәселелери бойынша Аўғанстан менен сөйлесиўге айрықша итибар қаратыў зәрүр. Бул сөйлесиў турақлы ҳәм анық мазмунға ийе болыўы, региондағы барлық мәмлекетлердиң мәплерин есапқа алыўы шәрт.

Ҳаўаның патасланыўы қалаларымыз ушын ең әҳмийетли машқалалардан бири болып қалмақта.

Жақында Өзбекстан “Орайлық Азия таза ҳаўасы” халықаралық консорциумын шөлкемлестириўди усыныс етти. Оның жумысын анық биргеликтеги жойбар: мәмлекетлеримиздиӊ санаат зоналары, агрокластерлер ҳәм транспорт байланысларын экологиялық жақтан модернизациялаў бойынша пилот бағдарламасы менен баслаў мүмкин. Бул машқаланы додалаўдан, әсиресе, қоршаған орталыққа басым үлкен болған орынларда әмелий жумысқа өтиў имканиятын береди.

Әҳмийетли минераллар – әҳмийети тез өсип баратырған және бир тема.

Мәмлекетлеримиз заманагөй санаат, энергетика ҳәм жаңа технологиялар ушын зәрүр болған шийки заттың үлкен резервлерине ийе. Бул бағдарда биргеликте ҳәрекет етиўимиз әҳмийетли. Өзбекстанның әҳмийетли минераллар бойынша регионаллық альянсты шөлкемлестириў бағдарындағы басламасы бойынша жумысларды жеделлестириўди усыныс етемиз.

Орайлық Азияның әҳмийетли минераллар резервлериниң бирден-бир санлы картасын жаратыў бул бағдардағы биринши қәдемлерден бири болыўы мүмкин. Бундай ресурс регион потенциалы ҳаққында толығырақ түсиник береди ҳәм халықаралық инвесторларға мәмлекетлеримиз бул бағдарды биргеликте раўажландырыўға таяр екенин көрсетеди.

Мәселелердиң гезектеги үлкен блоги технологиялық раўажланыў менен байланыслы.

Жасалма интеллект ҳәм үлкен көлемдеги мағлыўматлар менен ислесиў әллеқашан санаат, транспорт, энергетика, аўыл хожалығы, билимлендириў, мәмлекетлик басқарыўды өзгертип атыр.

Мәмлекетлеримиз экономикасының өндирислик нәтийжелилиги ҳәм келешекте бәсекиге шыдамлылығы көп жағынан усы технологияларға байланыслы болады. Соның менен бирге, санлы жойбарлар көбинесе ири инфраструктуралық қурылысқа қарағанда тезирек нәтийжеге ерисиў имканиятын береди.

Сол себепли, мәмлекетлеримиздиӊ имканиятларын бирлестириў ҳәм Улыўма есаплаў инфраструктурасын жаратыўды баслаўды усыныс етемиз. Миллий мағлыўматлар орайларының өз-ара байланысқан тармағы оның тийкары болыўы мүмкин. Бул есаплаў қуўатлылықларынан нәтийжели пайдаланыў, өзимиздиң санлы өнимлеримизди раўажландырыў ҳәм жасалма интеллект тараўында ири жойбарлар ушын шараят жаратыў имканиятын береди.

Бирақ, тек ғана инфраструктураның өзи жетерли емес. Бизге бир ўақыттың өзинде қәнигелер, илимий изертлеўлер ҳәм күшли технологиялық компаниялар керек. Сол себепли тармақ ушын кадрлар таярлаў бойынша биргеликтеги бағдарламаларды иске қосыў, илимий жойбарларды қоллап-қуўатлаў ҳәм технологиялық исбилерменлик ушын көбирек имканиятлар жаратыўды усыныс етемиз.

Ақырында, регионымыз келешеги ушын ең әҳмийетли мәселелерден бири – бул инсан ресурслары.

Мәмлекетлеримиз үлкен демографиялық потенциалға ийе. Халықтың саны артпақта, жаслар көбеймекте ҳәм регион экономикасының он, жигирма, отыз жылдан кейин қандай болыўы көп тәреплеме олардың билимлендириў ҳәм кәсиплик таярлық сапасына байланыслы болады.

Сонлықтан, билимлендириў ҳәм жасларды қоллап-қуўатлаў бирге ислесиўимизде айрықша орын ийелеўи керек. Биз келешекте мәмлекетлеримиздиң экономикасына қандай қәнигелер керек болатуғынын жақсырақ түсинип алыўымыз керек. Бул ушын талап жоқары болған кәсиплер ҳәм компетенциялардың регионаллық атласын ислеп шығыўды усыныс етемиз. Онда бүгинги күнде қәнигелердиң жетиспеўшилиги сезилип атырған ҳәм жақын жылларда талап артып баратуғын бағдарлар бойынша мәмлекетлеримиздиң прогноз мағлыўматларын бирлестириў мүмкин.

Бул университетлер ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелерине экономиканың реал талапларын алдыннан есапқа алыў имканиятын береди.

Келешекте биз регионның бир неше мәмлекетинде бир ўақыттың өзинде әмелге асырылып атырған анық ири жойбарлар ушын да кадрларды таярлай аламыз. Усы тәризде, билимлендириў санаат, транспорт, энергетика, санлы технологиялар ҳәм басқа да тармақлардың раўажланыўы менен тиккелей байланыслы болады.

Ҳүрметли мәмлекет басшылары!

Соңғы жыллары биз көп нәрсеге еристик. Енди бул өзгерислерди беккемлеў ҳәм бирге ислесиўимизди келеси он жыллықлар даўамында турақлы етиў әҳмийетли.

Формула әпиўайы: раўажланыў ҳәм қәўипсизлик жолында тилеклеслик ҳәм исеним.

Биз келешек әўладларға қандай регионды қалдырыўымыз ушын жуўапкермиз. Ол тыныш, қәўипсиз, экономикалық жақтан күшли болыўы ҳәм адамларға мүнәсип жасаў, мийнет етиў, оқыў ҳәм перзентлерди тәрбиялаў имканиятларын бериўи керек.

Әзербайжанды Мәсләҳәт ушырасыўына басшылықты қабыл етип алғаны менен қутлықлаймыз.

Әзербайжан басшылығында форматымыз шеңбериндеги жумыслар қосымша пәтке ийе болатуғынына, туўысқанлық бирге ислесиўи болса бирлик, исеним ҳәм аўызбиршиликти беккемлеўге хызмет ететуғынына беккем исенемиз.

Сөзимниң жуўмағында ҳүрметли Сардор Гурбангулиевич Бердимуҳамедовқа миймандос Түркменстан жериндеги шын жүректен қабыллағаны ҳәм ушырасыўымыз әжайып шөлкемлестирилгени ушын және бир мәрте шын жүректен миннетдаршылық билдиремен.

Итибарыңыз ушын рахмет.