Илажда Түркия Республикасы вице-президенти Джевдет Йылмаз, еки мәмлекеттиң жетекши компания ҳәм банклериниң басшылары қатнасты.
Мәмлекетимиз басшысы өзиниң шығып сөйлеген сөзинде Түркия Президенти Режеп Таййип Эрдоған менен келисилген ҳалда жаратылған жаңа механизм еки мәмлекет арасындағы экономикалық бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўға хызмет ететуғынын атап өтти.
Кеңестиң биринши мәжилиси шеңберинде өткерилген бизнес форумда 200 ден аслам исбилерменниң қатнасқаны тәреплердиң шерикликти кеңейтиўге қызығыўшылығы жоқары екенинен дәрек екени атап өтилди.
- Жаңа Өзбекстанда әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар нәтийжесинде 2017-жылдан берли экономикамыз 3 есеге өсти, 150 миллиард доллардан аслам сырт ел инвестициялары тартылды. Бул процессте бизди бәрқулла қоллап-қуўатлап киятырған стратегиялық шеригимиз – Түркия менен бирге ислесиўимиз әҳмийетли орын ийелейди, – деп атап өтти Президент.
Еки мәмлекет арасындағы экономикалық байланысларды және де кеңейтиў мақсетинде бир қатар тийкарғы бағдарлар белгилеп алынды.
Атап айтқанда, таў-кән санааты ҳәм "жасыл" энергетиканы раўажландырыў, аўыл хожалығын модернизациялаў, органикалық төгинлер ислеп шығарыў, заманагөй ыссыхана комплекслерин шөлкемлестириў ҳәм суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў, өнимди жетистириўден оны ақырғы тутыныўшыға жеткериўге шекемги болған бирден-бир қәдир-қымбат шынжырын қәлиплестириў бойынша бирге ислесиўди күшейтиў зәрүрлиги атап өтилди.
Электротехника санааты мәмлекетимиз экономикасының ең жедел раўажланып атырған тармақларынан бири екени атап өтилди. Түркия компанияларына мысты терең қайта ислеў, электроника, трансформаторлар, турмыслық техника ҳәм электротехника үскенелерин ислеп шығарыў тараўларында жергиликли кәрханалар менен кооперацияны кеңейтиў усыныс етилди.
Президентимиз түркиялы инвесторлардың "Жаңа Ташкент" мегажойбарын әмелге асырыў, соның ишинде, заманагөй саўда ҳәм турақ жай комплекслери, мийманханалар қурыў, төлемли автомобиль жоллары ҳәм логистика орайларын раўажландырыўдағы қатнасын қоллап-қуўатлады.
Мәмлекетимизде медициналық өнимлер ислеп шығарыўды локализациялаўға айрықша итибар қаратылып атырғаны, фармацевтика тармағына кеңнен жеңилликлер берилгени атап өтилди. Түркиялы инвесторлар бул бағдарда да бирге ислесиўге мирәт етилген.
Түркия компаниялары менен мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында бир қатар жойбарлар әмелге асырылып атырғаны атап өтилди. Бул мәмлекеттиң банклери, инвестиция фондлары ҳәм ири санаат кәрханаларына меншиклестириў процесслери ҳәм мәмлекетлик-жеке меншик шериклик бағдарламаларында белсене қатнасыў усыныс етилди.
Сондай-ақ, автомобиль қурылысы, энергетика, жасалма интеллект ҳәм программалық тәмийнат ислеп шығыў тараўларында қоспа жойбарларды алға қойыў, банк секторындағы реформаларда қатнасыў усыныс етилди.
Өзбекстанда инвесторлар ушын қолайлы шараятлар жаратыў, соның ишинде, арнаўлы экономикалық зоналарда кең көлемли жеңилликлер бериў бағдарындағы жумыслар избе-из даўам еттирилетуғыны атап өтилди.
- Биз елимизде инвестициялық орталықты жақсылаў, исбилерменлер ушын артықша бюрократиялық тосқынлықларды сапластырыўға қаратылған реформаларды буннан былай да избе-из даўам еттиремиз, – деп атап өтти мәмлекетимиз басшысы сөзиниң жуўмағында.
Мәжилисте кеңестиң жәрдемши баслықлары – Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы Саида Мирзиёева ҳәм Түркия Республикасы Вице-президенти Джевдет Йылмаз шығып сөйледи.
Президентимиз бенен сөйлесиўде Түркия компанияларының басшылары Өзбекстандағы жумысы ушын жаратылып атырған кең имканиятлар ушын миннетдаршылық билдирип, елимизде әмелге асырылып атырған жойбарлар ҳәм келешектеги режелер ҳаққында айтып, пикир-усынысларын билдирди.