Қырғызстан Республикасы Президенти ҳүрметли Садир Нургожоевич Жапаровқа шын жүректен қабыллағаны ҳәм саммитти жоқары дәрежеде шөлкемлестиргени ушын шын жүректен миннетдаршылық билдиремен.

Дос қырғыз халқын мәмлекетлик суверенитетиниң 35 жыллығы менен шын жүректен қутлықлайман. Қырғызстан раўажланыўының исенимли пәтин ҳәм халықаралық майдандағы абырайының избе-из беккемленип атырғанын көрип турғанымыздан қуўанышлымыз.

Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлиги күни мүнәсибети менен билдирилген жақсы тилеклер ушын бәршеңизге миннетдаршылық билдиремен.

Қазақстан Республикасы Қурылтайының биринши сессиясының ашылыўы мүнәсибети менен ҳүрметли Қасым-Жомарт Кемелевич Тоқаевтың атына билдирилген қутлықлаўларға қосыламан.

Ҳүрметли мәжилис қатнасыўшылары!

Биз Қырғызстанның Шанхай бирге ислесиў шөлкемине басшылығының нәтийжели жуўмақларын жоқары баҳалаймыз, бүгинги мәжилис күн тәртиби ҳәм қарар жойбарларын қоллап-қуўатлаймыз.

Быйылғы саммит ШБШ дүзилгениниң 25 жыллығы мүнәсибети менен өткерилмекте.

Кәсиплеслеримниң бул платформаға болған талап ҳәм оның нәтийжелилигин ўақыт дәлиллеп бергени ҳаққындағы пикирлерине толық қосыламан. Шөлкем "Шанхай руўхы" принциплерине әмел еткен ҳалда тең ҳуқықлы қарым-қатнасты тәмийинледи, регионаллық турақлылық ҳәм мәмлекетлеримиздиң избе-из раўажланыўына жәрдемлести.

Өзбекстан ШБШға тийкар салынған биринши күнлерден баслап оның ашық, блоклардан тысқары ҳәм тынышлық сүйер бирге ислесиў платформасы сыпатында беккемленип атырғанын избе-из қоллап-қуўатлап келмекте.

Биз ШБШның географиялық ҳәм стратегиялық өзеги болған Орайлық Азия бирге ислесиўимиздиң орайында турғанын айрықша қәдирлеймиз.

Ҳүрметли кәсиплеслер!

Бизиң ушырасыўымыз геосиясий бөлиниў, өсип баратырған исеним жетиспеўшилиги, келиспеўшиликлердиң күшейиўи ҳәм халықаралық ҳуқықтың жемирилиўи дәўиринде өтпекте.

Әсиресе, Жақын Шығыстағы жағдайдың раўажланыўы айрықша қәўетер оятпақта.

Биз регионда сөйлесиўди қайта тиклеў ҳәм кескинликти жумсартыў тәрепдарымыз.

Ҳүрметли делегациялардың басшылары!

ШБШ алдында турған ең әҳмийетли ўазыйпаларға өтпекшимен. Бүгин тек ғана пайда болып атырған машқалаларды нәтийжели шешиў емес, ал Шөлкемди узақ мүддетли келешекте қандай көринисте көргимиз келетуғынын анық түсинип алыў әҳмийетли болып есапланады.

Мәмлекетлеримиздиң бәсекиге шыдамлылығы потенциалларды бирлестириў ҳәм биргеликте раўажланыў ушын жаңа имканиятлар жаратыўға таяр екенимизге тиккелей байланыслы болады.

ШБШ мәмлекетлериниң үлкен инсаный, тәбийғый, өндирислик ҳәм интеллектуаллық ресурслары, бәринен бурын, халықларымыздың абаданлығын арттырыўға хызмет етиўи керек, деп исенемен.

Усы мүнәсибет пенен "ШБШ-2040: улыўма раўажланыў мәканы" концептуаллық көзқарасын ислеп шығыўға кирисиўди усыныс етемен. Оның тийкарғы мақсети өз-ара байланыслы ҳәм турақлы, инвестициялар, технологиялар ҳәм билимлер алмасыўы еркин әмелге асатуғын, ири инфраструктуралық ҳәм санаат жойбарлары әмелге асырылатуғын, аймақлар, бизнес ҳәм халық арасындағы тиккелей байланыслар кеңеетуғын мәканды қәлиплестириўден ибарат болыўы керек.

ШБШның әҳмийетли тийкарғы бағдары ҳәм нәтийжелилигиниң бас көрсеткиши экономикалық өлшем болып есапланады.

Кейинги жылларда исбилерменлик тараўындағы бирге ислесиўимиздиң географиясы ҳәм бағдарлары турақлы кеңейип бармақта. Өзбекстанда ШБШ мәмлекетлери менен бир ярым мыңнан аслам қоспа жойбарлар әмелге асырылмақта, өз-ара саўда ҳәм инвестициялар көлеми артпақта. Бул динамиканы турақлы көп тәреплемели қосымша қун шынжырларын раўажландырыўға бағдарлаў зәрүр.

Усы мақсетте өз ишине арнаўлы экономикалық зоналар, өндирис процесслери, саўда базарлары ҳәм логистиканы бирлестиретуғын ШБШның санаат кооперациясы картасын ислеп шығыўды усыныс етемиз. Негизинде бизнес, инвесторлар ҳәм мәмлекетлик структуралар ушын универсал санлы айна пайда болады.

Ҳәзирден-ақ улыўма принциплерди келисиўден ШБШ Раўажланыў банкин әмелий иске қосыўға өтиў зәрүр, деп есаплаймыз.

Бул институттың жумысы улыўма аймақлық әҳмийетке ийе жетилискен инвестициялық усынысларға сүйениўи зәрүр. Ҳүкимет басшылары кеңеси транспорт, энергетика, санаат кооперациясы ҳәм санлы инфраструктура тараўларындағы биринши гезектеги жойбарлар портфелин толықтырыўды баслаўы керек.

ҚХР Баслығы мырза Си Цзинпинниң Жасалма интеллект тараўында бирге ислесиў бойынша пүткил жер жүзилик шөлкемди шөлкемлестириў ҳаққындағы басламасын алғыслаймыз. ШБШ бул жаңа технологиялық альянстың биринши шериклеринен болыўы керек, деп ойлайман.

Жасалма интеллектти раўажландырыў бойынша ҳәрекетлеримизди бирлестириў мақсетинде ШБШның көп тилли ашық мағлыўматлар корпусын қәлиплестириў ҳаққында қарар қабыл етиўди усыныс етемиз.

Буннан тысқары, келеси жылы Ташкентте ШБШның жасалма интеллект ҳәм жаңа санлы шешимлер форумын өткериўге таярмыз.

Әзиз дослар!

Климат қәўип-қәтерлери мәмлекетлеримиздиң азық-аўқат, суў ҳәм энергетика қәўипсизлигине барған сайын көбирек тәсир етпекте. Жүзеге келген жағдай ШБШ шеңберинде бир-бири менен тығыз байланыслы болған бул мәселелер бойынша бирден-бир күн тәртибин қәлиплестириў зәрүрлигин көрсетпекте.

Оны алға қойыў ушын комплексли бағдарламалар, технологиялар ҳәм алдынғы билимлер алмасыўын муўапықластыратуғын ШБШның қәнигелескен механизмин жаратыўды усыныс етемиз. ШБШның 2035-жылға шекем суў ҳәм энергетика нәтийжелилиги тараўындағы технологиялық бирге ислесиў бағдарламасын ислеп шығыў бул бағдардағы қәдемлерден бири болыўы мүмкин.

Халықаралық транспорт коридорларының кең тармақлы системасын қәлиплестириўди даўам еттириў оғада әҳмийетли.

ШБШға ағза мәмлекетлердиң темир жол мәканларын интеграциялаў бойынша кеңести шөлкемлестириўди мақсетке муўапық, деп есаплайман. Логистика инфраструктурасын раўажландырыўды муўапықластырыў ҳәм миллий транспорт системаларының үзликсиз байланыслылығын тәмийинлеўди оның тийкарғы ўазыйпасы деп билемиз.

Аўғанстанда тынышлық ҳәм турақлылықты сақлаў регионымыздың қәўипсизлиги ҳәм раўажланыўы ушын фундаментал әҳмийетке ийе. Бәршемизге регионаллық дөретиўшилик процесслерине интеграцияланған абадан қоңсы мәмлекет керек.

Қәўипсизлик ҳәм экономикалық бирге ислесиўге байланыслы кең көлемли мәселелерди додалаў ушын ШБШның Аўғанстан менен турақлы сөйлесиўин қайта тиклеў ўақты келди.

Бүгин ШБШ Хартиясына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққындағы протокол, сондай-ақ, Универсал орай ҳәм Наркотиклерге қарсы гүресиў орайы ҳаққындағы қағыйдалардың қабыл етилиўи Шөлкемимиздиң институционаллық раўажланыўында жаңа басқыштың басланыўы болып есапланады, деп исенемен.

Қәўипсизликке қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиў универсал орайының Ташкент қаласында нәтийжели жумыс алып барыўы ушын барлық шараятларды жаратып беремиз, деп исендирип айтаман.

Мәдений-гуманитарлық бирге ислесиў бизиң өзгермейтуғын бағдарымыз болып қалады.

Халықларымыздың дослық байланысларын және де беккемлеўди қоллап-қуўатлаў мақсетинде 2028-2030-жылларға мөлшерленген дәстүрий көркем өнер ҳәм материаллық емес мәдений мийрасты қәстерлеп сақлаў ҳәм ғалаба ен жайдырыў бойынша бирге ислесиў бағдарламасын таярлаўды усыныс етемен.

Ҳүрметли делегациялардың басшылары!

Сөзимниң жуўмағында Пакистан Ислам Республикасының Шанхай бирге ислесиў шөлкемине басшылық етиўдей жуўапкершиликли миссияны қабыл етип алғаны мүнәсибети менен ҳүрметли мырза Шаҳбоз Шариф атына билдирилген қутлықлаўларға қосыламан.

Өзбекстан кең регионымыздың турақлылығы ҳәм раўажланыўы жолында өз-ара ҳүрмет, жақсы қоңсышылық ҳәм исеним руўхын беккемлеўге буннан былай да үлес қосыўға таяр.