Мәмлекетимиз басшысы өткен жылы 11-ноябрьде усы заманагөй спорт комплексине тырнақ тасын қойған еди.
Ҳәзирги ўақытта стадион қурылысы жедел даўам етпекте. Жерди тегислеў жумыслары толық жуўмақланған. Фундамент қуйыў 95 процентке орынланған. Қурылыс майданына металл конструкциялар басқышпа-басқыш алып келинбекте.
Айтып өтиў орынлы, соңғы жыллар миллий футболымыз тараўында түпкиликли өзгерислер дәўири болды. Атап айтқанда, жергиликли чемпионатлар системасы реформаланып, балалар ҳәм жас өспиримлер академиясы шөлкемлестирилди, аймақларда 75 ири ҳәм 302 мини стадион жумыс алып бармақта.
Бизге белгили, 2017-жылы елимизде ФИФА ҳәм Азия футбол конфедерациясының талапларына жуўап беретуғын тек ғана 3 стадион бар еди. Бүгинги күнде олардың саны 10 нан аслам.
Сондай-ақ, 1 мың 500 мектептиң футбол стадионлары оңланып, мәҳәллелердеги 1 миллионнан аслам оқыўшы ҳәм жаслар қамтып алынды. Жаслар арасында дәстүрий түрде мәҳәлле, район, аймақлық ҳәм республикалық турнирлер өткериў жолға қойылды.
Бул ҳәрекетлер өз нәтийжесин бере баслайды.
Футбол бойынша миллий олимпия сайланды командасы биринши мәрте Париж Олимпиадасында қатнасты. Миллий сайланды командамыздың усы жылы болып өтетуғын жәҳән чемпионатына шығыўы тарийхымызда мисли көрилмеген ўақыя болды.
Өткен жылы 2-октябрь күни ФИФА Кеңеси мәжилисинде 2027-жылы U-20 футбол бойынша жәҳән чемпионатын Өзбекстан ҳәм Әзербайжанда өткериў ҳаққында қарар қабыл етилген еди.
Бул жәҳән чемпионатының ойынларын өткериў ушын еки мәмлекетте 3 стадионнан пайдаланылады. ФИФА талапларынан бири жәҳән чемпионатының финал ҳәм ярым финал ойынларын 50 мыңнан аслам адамға мөлшерленген стадионларда өткериў болып есапланады.
Мәмлекетимиз футболы ушын әҳмийетли жойбар - "Жаңа Ташкент" стадионы мине усы мақсетте қурылмақта. Не ушын баҳасы 100 миллион доллар болған бул стадионның қурылысы ушын әйне Жаңа Ташкент аймағы таңланған? Себеби келешекте Жаңа Ташкент елимиз ушын жаңа имканиятлар ҳәм алдыңғы идеялар орайына айланады.
Ташкенттеги жаңа стадион ФИФАның барлық талапларына муўапық қурылмақта. Комплекс Азиядағы ең ири ҳәм заманагөй инфраструктураға ийе футбол стадионларынан бирине айланады.
Бул имарат тек ғана 2027-жылғы U-20 футбол бойынша жәҳән чемпионатына емес, ал келешекте өзбек футболы ҳәм улыўма жаслар спортының раўажланыўына да хызмет етеди.
Мәмлекетимиз басшысына қурылыстың барысы ҳаққында толық мағлыўмат берилди.
55 мың тамашагөйге мөлшерленген "Жаңа Ташкент" стадионы 6 қабатлы болады. Бул жерде тек ғана спортшылар емес, ал келиўшилер, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ушын да барлық шараят жаратылған. Тамашагөйлер кирип-шығыўы қолайлы ҳәм тез болыўы ушын оннан аслам эскалатор орнатылыўы нәзерде тутылған. Оған тутас аймақта және 3 шынығыў майданы жайласады. Стадион жанында метро бәндиргиси қурылады ҳәм 5 мың 500 орынлық автомобиль туратуғын орын шөлкемлестириледи.
Президентимиз бундай сыйымлылықтағы жабық стадион елимизде биринши мәрте қурылып атырғанын, соның ушын ҳәр бир деталға итибар қаратыў зәрүр екенлигин айрықша атап өтти. Тутас аймақты абаданластырыў жумысларын бүгиннен режелестирип, избе-из, басқышпа-басқыш әмелге асырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.