Республикалық қәнигелестирилген онкология ҳәм радиология илимий-әмелий медицина орайының Наўайы филиалы тәрепинен Зарафшон қаласында мобил маммография аппараты орнатылып, халықты, биринши гезекте, ҳаял-қызларды маммографиялық тексериўден өткериў шөлкемлестирилди.

Сондай-ақ, бул хызметтиң жолға қойылыўы Зарафшан ҳәм оның әтирапындағы елатлы пунктлерде жасайтуғын ҳаял-қызлардың заманагөй диагностикалық тексериўлерден өтиў имканиятын кеңейтиў, профилактикалық медициналық тексериўлер менен қамтып алыўды арттырыў, онкологиялық кеселликлердиң алдын алыў бойынша жумысларды күшейтиў имканиятын береди.

Халыққа қәнигелестирилген онкологиялық жәрдемнен пайдаланыў имканиятын арттырыў, профилактикалық илажларды кеңейтиў ҳәм кеселликлерди ерте анықлаў жумыслары даўам еттириледи.

Дилфуза Ғуломова