Премьерада ишки ислер министриниң орынбасары, полковник Диёрбек Сатторов басшылығындағы тараў хызметкерлери, олардың шаңарақ ағзалары, Академия курсантлары ҳәм болажақ ишки ислер уйымларының хызметкерлери қатнасты.

Спектакль Ислам Ҳамро шығармасы тийкарында Ишки ислер министрлигиниң буйыртпасына бола Мәденият министрлиги ҳәм Өзбекстан мәмлекетлик драма театры менен биргеликте сахналастырылған.

Сахна шығармасында бас қаҳарманның қурамалы өмир жолы, ҳақыйқатлық ушын гүреси ҳәм руўхый кеширмелери арқалы инсан намысы, ҳүждан ҳәм жуўапкершилик мәселелери сәўлелендирилген. Ол тамашагөйлерди ҳәр бир инсанның қәдир-қымбаты ҳәм ҳуқықлары ҳаққында пикир жүргизиўге шақырады.

Спектакльде мәмлекетимизде инсан қәдирин улығлаў, оның ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаў және нызам үстинлигин тәмийинлеўге қаратылған реформалардың мазмуны да өз көринисин тапқан.

Шығармада көтерилген мәселелер ишки ислер уйымлары хызметкерлериниң күнделикли жумысы менен де тиккелей байланыслы. Ҳәр бир мүрәжаттың артында инсан тәғдири турғанын умытпаў, жағдайларға қалыс баҳа бериў ҳәм нызам талапларына қатаң әмел етиў үлкен әҳмийетке ийе.

Қаҳарманлардың таңлаўы ҳәм ис-ҳәрекетлери арқалы ҳадаллық, мәртлик, әдиллик ҳәм хызмет ўазыйпасына садықлық сыяқлы пазыйлетлер көрсетиледи.

Спектакль, әсиресе, болажақ ишки ислер уйымлары хызметкерлериниң кәсиплик жуўапкершилигин тереңирек аңлаўы, инсан тәғдирине байланыслы ҳәр бир қарарға ҳүжданлы қатнаста болыўы көзқарасынан тәрбиялық әҳмийетке ийе.

"Ақлаў" шығармасы инсан қәдирин қәстерлеў, әдилликти қорғаў ҳәм хызмет ўазыйпасын ҳадал орынлаў ҳәр бир хызметкердиң әҳмийетли ўазыйпасы екенин еслетеди. Адамгершилик болса тек ғана кәсиплик талап емес, ал ҳүждан буйрығы да болыўы керек.

Бул ҳаққында Ишки ислер министрлиги Руўхый-ағартыўшылық жумыслар ҳәм кадрлар менен тәмийинлеў департаментиниң мәлимлеме хызмети хабар берди.