Бул мәмлекеттиң исбилерменлери менен бирге ислесиўди және де кеңейтиў ҳәм тийкарғы жойбарларды әмелге асырыў мәселелери көрип шығылды.
«ACWA» ҳәм Саудияның басқа да компаниялары менен нәтийжели шериклик жолға қойылғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Усы мәниде, Ташкент инвестициялық форумы шеңберинде бир қатар жаңа келисимлерге ерисилди.
Ушырасыўда "жасыл" энергетика, денсаўлықты сақлаў, транспорт, инфраструктура, туризм ҳәм басқа да бағдарлардағы жойбарларды жеделлестириў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.