Шолпаната қаласындағы “Ыссықкөл” халықаралық аэропортында оларды Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров ҳәм оның өмирлик жолдасы күтип алды.

Жоқары мәртебели мийманлардың ҳүрметине еки мәмлекет байрақлары көтерилип, ҳүрметли қараўыл сап тартты.

Бүгин жетекшилер сөйлесиў даўамында Өзбекстан – Қырғызстан стратегиялық шериклик қатнасықларын раўажландырыў ҳәм жаңа басқышқа алып шығыў мәселелерин додалайды.

Президентимиз Орайлық Азия ҳәм Әзербайжан мәмлекет басшыларының рәсмий емес Мәсләҳәт ушырасыўында қатнасыўы режелестирилген.