Жоқары дәрежедеги сөйлесиўлерде Өзбекстан менен Қырғызстан арасындағы дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да беккемлеў, өз-ара саўданы көбейтиў, санаат кооперациясын кеңейтиў, транспорт байланыслылығы ҳәм мәдений-гуманитарлық алмасыўды раўажландырыў мәселелери көрип шығылады.

Мәмлекет басшылары халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе актуал мәселелер бойынша да пикир алысады.

Саммит жуўмағында Өзбекстан ҳәм Қырғызстан арасындағы көп қырлы бирге ислесиўди және де раўажландырыўға қаратылған еки тәреплеме ҳүжжетлер топламына қол қойылыўы режелестирилген.

Сапар бағдарламасына муўапық, Президентимиз Орайлық Азия ҳәм Әзербайжан мәмлекетлери басшыларының рәсмий емес Мәсләҳәт ушырасыўында ҳәм басқа да илажларда қатнасыўы нәзерде тутылған.