Онда Израил Мәмлекети Президенти Ицхак Герцог, Лаос Халық Демократиялық Республикасы Президенти Тхонглун Сисулит, Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон, Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов, Қатар Мәмлекети Әмири Тамим бин Ҳамад бин Халифа Ол Соний, Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров, Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Бангладеш, Бахрейн, Бирлескен Араб Әмирликлери, Вьетнам, Камбоджа, Россия, Түркия, Палестина, Қытай, Шри-Ланка ҳәм Ҳиндстан ҳүкиметлери ҳәм сыртқы сиясат уйымларының басшылары, сондай-ақ, сырт мәмлекетлер ҳәм халықаралық шөлкемлердиң жоқары мәртебели ўәкиллери қатнасты.
Азияда бирге ислесиў ҳәм исеним илажлары бойынша кеңес (АБИИК) 1992-жылы шөлкемлестирилген, ҳәзирги күнде 28 ағза мәмлекет, бақлаўшы статусындағы 9 мәмлекет ҳәм 5 халықаралық шөлкемди бирлестирген халықаралық платформа болып есапланады.
Күн тәртибине муўапық, халықаралық жағдай ҳәм бирге ислесиўди кеңейтиў перспективалары бойынша пикир алысылды және бир қатар шөлкемлестириў мәселелери көрип шығылды.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Баку саммитиндеги шығып сөйлеген сөзинде дүньядағы терең геосиясий өзгерислер және де тығыз бирге ислесиў ҳәм биргеликте қарарлар қабыл етиўди талап етип атырғаны ҳаққында сөз етти.
- Әсиресе, Азияның түрли аймақларындағы қураллы келиспеўшиликлер бәршемизди терең тәшўишке салмақта. Олардың ақыбетлери келиспеўшилик аймағынан шығып, сиз бенен биз жасап атырған регион қәўипсизлигине үлкен зыян жеткермекте, глобаллық экономикаға зыян жеткерип, миллионлаған инсанлардың өмирине унамсыз тәсир көрсетпекте, – деди мәмлекетимиз басшысы.
Президентимиз ҳәр қандай келиспеўшиликлер тек ғана тыныш жол менен, сиясий-дипломатиялық қураллар арқалы, халықаралық ҳуқық ҳәм барлық тәреплердиң мәплерин есапқа алған ҳалда шешилиўи зәрүрлигин атап өтти.
Өз-ара үйлесимли ҳәм алдыннан болжаў мүмкин болған ҳәрекетлерге, алынған барлық миннетлемелерди орынлаўға тийкарланған қатнасықлардың турақлы системасын жаратыўда АБИИК айрықша орын ийелейтуғыны атап өтилди.
Усы мүнәсибет пенен Өзбекстан жетекшиси тәрепинен Азияда исеним инфраструктурасын қәлиплестириў концепциясын ислеп шығыў, онда мәмлекетлер арасында өз-ара байланыслылық ҳәм бирге ислесиўди кеңейтиўдиң тийкарғы бағдарлары және анық илажларын белгилеў усыныс етилди.
- Транспорт ҳәм энергетика бойынша биргеликтеги жойбарлар, саўда ҳәм санлы байланысларды раўажландырыў, мәдений-гуманитарлық алмасыўлар үлкен әҳмийетке ийе,-деди Шавкат Мирзиёев.
Президентимиз сөзиниң даўамында ҳәзирги жедел технологиялық раўажланыў ҳәм климат өзгерислери де жаңа ўазыйпаларды күн тәртибине қойып атырғанын атап өтти.
- Жасалма интеллект күнделикли турмысымызды тез өзгертип атыр. Ол шексиз имканиятлар жаратыў менен бирге, үлкен қәўип-қәтерлерди де келтирип шығармақта.
Енди биз санлы раўажланыў ҳәммеге бирдей пайда келтириўи, технологиялық раўажланыўдағы айырмашылық қысқарыўы ушын бар имканиятларды жумсаўымыз зәрүр, — деди мәмлекетимиз басшысы.
Усы мақсетте Технологиялық исеним ҳәм жасалма интеллекттен жуўапкершиликли пайдаланыў бойынша Азия басламасы алға қойылды. Оны әмелге асырыў шеңберинде АБИИК жанында экспертлер майданын шөлкемлестириў усынысы да билдирилди. Онда қәнигелер улыўма усынысларды ислеп шығыў ҳәм әмелий илажларды келисип алыў имканиятына ийе болады.
Соның менен бирге, АБИИКке ағза мәмлекетлердиң климат өзгерислерине бейимлесиў бағдарындағы ҳәрекетлерин бирлестириў мақсетинде Климат турақлылығы бойынша бирге ислесиўди жолға қойыў усыныс етилди.
Өзбекстан АБИИКтиң Инсан өлшеми бойынша координаторы екенин есапқа алып, келеси жылы мәмлекетимиз Инсан потенциалын раўажландырыў бойынша форумды өткериўге таяр екени, бул бағдарда Кеңестиң 2028-жылға шекемги дәўирге мөлшерленген Ҳәрекетлер бағдарламасын ислеп шығыў әҳмийетли екени атап өтилди.
Өзбекстан Қосылмаў ҳәрекетине басшылықты қабыл етиўи мүнәсибети менен мәмлекетимиз басшысы бәршени шөлкемниң келеси жылы Ташкент қаласында өткерилетуғын жигирмаланшы саммитине мирәт етти.
Мәмлекетимиз жетекшиси сөзиниң жуўмағында ШБШның шөлкемлестириўшилик тийкарларын және де беккемлеў ҳәм оның режесин жетилистириў бағдарындағы жумысларды ҳәм Кеңестиң бас хаткери лаўазымына Әзербайжаннан алға қойылған талабанды қоллап-қуўатлайтуғынын билдирип, Әзербайжанның Кеңеске басшылықты 2028-жылға шекем даўам еттириў нийетин қоллап-қуўатлады.
Саммитте мәмлекетлер жетекшилери, мәмлекетлер ҳәм халықаралық шөлкемлер делегацияларының басшылары да шығып сөйледи.