"Этимесгут" аэропортында мәмлекетимиз басшысын Түркия вице-президенти Жевдет Йилмаз ҳәм басқа да рәсмий шахслар күтип алды.
Усы күнлерде Өзбекстан жетекшиси Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң гезектеги саммити илажларында қатнасады.
"Түркий әсир: тил, пикир ҳәм ис бирлиги" сүрени астында өтип атырған илаж күн тәртибинен тийкарғы тараўлардағы көп тәреплеме бирге ислесиўди және де беккемлеў мәселелери орын алған.
Саммит жуўмағында Анқара декларациясы, сондай-ақ, шөлкем шеңбериндеги әмелий шерикликти буннан былай да кеңейтиўге қаратылған келисимлер пакети қабыл етиледи.