Беларусь пайтахтының халықаралық аэропортында мәмлекетимиз басшысын Беларусь Республикасы Бас министри Александр Турчин, сыртқы ислер министри Максим Риженков ҳәм басқа да рәсмий шахслар күтип алды.

Жоқары мәртебели мийман ҳүрметине еки мәмлекеттиң мәмлекетлик байрақлары көтерилди ҳәм ҳүрметли қараўыл сап тартты.

Сапар бағдарламасына муўапық, 9-июль күни жоқары дәрежедеги Өзбекстан - Беларусь сөйлесиўлери болып өтеди.