Сеул қаласында Корея Республикасы Президенти Ли Чжэ Мён менен тар ҳәм кеңейтилген қурамдағы сөйлесиўлерде айрықша стратегиялық шериклик қатнасықларын және де беккемлеў мәселелери көрип шығылды.

Сондай-ақ, Миллий Ассамблея Спикери Чо Чжон Сик ҳәм Бас министр Хан Сон Сук, Кореяның жетекши компаниялары ҳәм қаржы институтларының басшылары менен ушырасыўлар өткерилди.

Өзбекстан-Корея бизнес форумы шеңберинде биргеликтеги жойбарлардың жумысы ҳәм қурылысына старт берилди, салмақлы келисимлерге қол қойылды.

Мәмлекетимиз басшысы "Орайлық Азия - Корея Республикасы" биринши саммитинде қатнасып, бес стратегиялық бағдар бойынша басламаларды алға қойды. Өзбекстан жетекшиси бул форматтағы биринши бизнес-саммитте де шығып сөйледи.

Сапар етиў илажлары даўамында Кореядағы ўатанласларымыз бенен ушырасыўлар өткерилди.

Илажлар жуўмақланғаннан соң аеропортта Өзбекстан Президентин өмирлик жолдасы менен Корея Республикасы ишки ислер ҳәм қәўипсизлик министри Юн Хо Чжун ҳәм басқа да рәсмий шахслар шығарып салды.

Мәмлекетимиз басшысы Ташкентке жөнеп кетти.